Университетимиз студенти «Start up» таңлаӯы жеңимпазы

Илим, билим ҳәм ислеп шығарыў арасындағы өз-ара интеграцияны тәмийинлеўде, инновациялық изертлеў жумыслары нәтийжелилигин арттырыўда көрсеткен белсендилиги, сондай-ақ, стартап таңлаўының Республикалық басқышында командалык есапта 1-орынды ийелегенлиги ушын Шет тиллери факультетиниң «Шет тили ҳәм әдебияты» тәлим бағдары 2-курс студенти Доспанова Камила 500.000 сӯм пул сыйлығы менен хошаметленди.

Ол ТАТУ Нөкис филиалы студенти менен биргеликте Med ID деп аталған дәстүр яғный барлық түрдеги медициналық орайлар ушын универсал CRM системасы есапланған дәстүр ислеп шыққан. Система универсал есапланып ол бир кабинет ушын, қалаберсе ҳәрқандай медициналық орайлар ушын аңсат орнатылады. Бул системадан пайдалана отырып клиниканы ямаса қандайда медициналық орайды автаматластырыӯ арқалы сиз және де нәтийжели бизнес жүргизиӯиңиз мүмкин. Дәстүр барлық жағдайды режелестире ҳәм басқара отырып, барлық бөлимлерде үзликсиз жумыс алып барыӯын тәмийнлейди. Орнатылған есабат системасы финанс көрсеткишлерин күзетиӯге, жумыс ӯақытын есапқа алыӯға ҳәм барлық бөлимлерде анық анализ өткизиӯге имканият береди.

Абиш Мусаев,

Шет тиллери факультети илимий ислер ҳәм

инновациялар бойынша декан орынбасары.

 

Пайдалы дереклер