Өзбекстан Республикасы Президентиниң №2909 ҳәм №3775 қарарларында көрсетилген шет елли алымлар менен оқыў, илимий ҳәм илимий – педагогикалық байланысларды күшейтиў мақсетинде Беларусь мәмлекетлик технология университети «Химиялық ислеп шығарыў процесслери ҳәм аппараты» кафедрасы үлкен оқытыўшысы, техника илимлериниң кандидаты Опимах Евгений Владимирович 2020-жылдың 10-18-март күнлери аралығында Беларусь мәмлекетлик технология университети ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен магистратура бойынша биргеликте таярланып атырған қоспа тәлим бағдарламасы бойынша қабылланған магистрантларға «Расчет, проектирование и методы исследований гидромеханических процессов» пәнин өтиўге, усы магистрантларға илимий жумыслары бойынша мәсләҳәт бериўге, Химия – технология факультети профессор – оқытыўшылары менен студент-жасларға химиялық технология илиминиң жетискенликлери менен таныстырыў мақсетинде университетке келди.
Шет елли мийман менен университеттиң илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры И.Турдымамбетов ҳәм халықаралық байланыслар бөлиминиң баслығы Ш.Шаниязовлар менен сәўбетлесиў алып барып, Беларусь мәмлекетлик технология университети ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети ортасында дүзилген шәртнамаға муўапық қоспа тәлим бағдарламасы бойынша таярланып атырған магистрантлардың келешеги ҳаққында, илимий жумыслары ҳаққында сәўбетлесиў алып барды.
Сәўбетлесиў барысында бул еки университет арасында илимий ҳәм илимий педагогикалық байланысларды беккемлеў мәселелери көрип шығылды.
Буннан соң Беларусь мәмлекетинен келген мийман Химия – технология факультети менен танысты ҳәм Беларусь мәмлекетлик технология университети ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети ортасында дүзилген шәртнамаға муўапық қоспа тәлим бағдарламасы бойынша таярланып атырған магистрантларға «Расчет, проектирование и методы исследований гидромеханических процессов» пәнин өтиўди баслады.
ҚМУ Баспасөз хызмети.
