ҚМУ студентиниң Японияға сапары

Жаслық – өмирдиң ең қайнаған пасылы. Бүгинги күнде жасларға қаратылған итибар мәмлекетлик сиясат дәрежесинде. Оқыйман, изленемен деген хәр бир жасқа бәрше мүмкиншиликлер жаратылған. Ҳәттеки, шет еллерде оқып, билим көнликпелерин арттырыў ушын имканыятлар да баршылық.

Өз нәўбетинде елимиз жаслары да бул мүмкиншиликлерден пайдаланып, жоқары нәтийжелерин көрсетип атыр.

Атап айтатуғын болсақ, Улуғбек Базарбаев усындай жасларымыздың бири.

Жаслайынан спортқа қызыққан Улуғбек шет тиллерин де жетик өзлестирип барды. Тилге болған қызығыўшылығы оны Қарақалпақ мәмлекетлик университетине қарай баслады. 2016-жылы университеттиң шет тиллери факультетине оқыўға түскен Улуғбек оқыў барысында теңлеслерине ҳәр тәреплеме үлги болды. Бул жерде ол устазларынан инглис тилин тереңнен үйренип барды. Соның менен биргеликте япон тилин де үйренди ҳәм буның нәтийжесинде ол Японияға барып қайтты.

Япония-Өзбекстан келисими бойынша елимиздиң 6 жоқары оқыў орынларында япон тилин үйренип атырған студентлерге грант ажыратылған. Усы жоқары оқыў орынлары ишинде университетимизге ажыратылған бул грант бағдарламаларынан үнемли пайдаланған ҳәм биринши жеңимпазларынан болған Улуғбек Базарбаевтан Япония сапары тәсирлерин бөлистик…

– Япония жүдә сулыў тәбият көринисине ийе болған мәмлекет. Биз еки айлық жазғы семинарымыз даўамында Хоккайдо провинциясының Хигашикава қалашасында болдық. Программа басшылары ҳәм сол жердеги елимиз ўәкили бизлерди жыллы жүзлилик пенен күтип алды. Биз менен бирге Қытай, Корея, Монголия, Филиппин, Таиланд, Латвия еллеринен де студентлер болды. Салтанатлы ашылыў мәресими де шөлкемлестирилген екен.

Буннан соң биз топарларға бөлинип сабақ өте басладық. Сабақ барысында көплеп беккемлеўши интерактив методлардан пайдаланылды. Ал, сабақтан бос ўақытларымызда миллий байрамлар, фестиваль, спорт жарыслары хәм экскурсияда болдық. Әсиресе, чай церемониясы жүдә өзгеше болды.

Японлар миллий қәдириятларына садық, ал, сәўбетлесиў даўамында өз-ара хүрмет қатнасықларына қатаң әмел ететуғын халық.

Қайтыўымыздан 15 күн алдын биз Өзбекстан жаслары миннетдаршылық белгиси сыпатында байрам кешесин өткердик. Бунда миллий аяқ ойын ҳәм қосықларымыз арқалы өзимизге тән миллийлигимизди көрсетиўге ҳәрекет еттик. Қарақалпақ миллий аяқ ойыны «Шабандоз»ды сахнада ойнап бердик. Бул мендей қарақалпақ перзенти ушын үлкен мақтаныш болды,-дейди Улуғбек толқынланып.

Ол жерге алдын елимизден барған ўәкил болмағанлықтан көргизбеде буйымларымыз жоқлығын көрип, халқымыз атын аңлатыўшы нағыслы қарақалпақты саўға еткенлигин билгенимизде Улуғбекке  алғыслар айттық.

Даўлетбийке Жиенбаева,

Шет тиллери факултетиниң 1-курс студенти.

Пайдалы дереклер