“Көп бағдарлы изертлеўлер” Евразия илимий-методикалық орайының 2020-жыл 8-февралдағы хатына муўапық, орай тәрепинен “Уллы халық жеңисиниң 75 жыллығы: Адамлар. Ўақыялар. Фактлер” темасында халықаралық илимий-әмелий конференция өткериў режелестирилмекте.
Топлам бетлеринде фашизмниң үстинен жеңиске ерисиўде үлес қосқан Ленинградты қорғағанлар ҳәм оның халқы, Москва қорғаўшылары, партизанлар, тылда жумыс ислеген исшилер, шыпакерлердиң барлық тараўлар ҳәм халық хожалығында қаҳарманлық көрсеткенлиги ҳаққындағы материаллар жайластырылады.
Конференцияда қатнасыў ўақты, қатнасыў формасы, зәрүр ҳүжжетлер топламы ҳәм басқа да толық мағлыўматларды https://multires.ru/ рәсмий веб-сайтынан алыўыңыз мүмкин.