ЖАҚСЫДАН БАҒ ҚАЛАДЫ

Усы жылдың 14-март күни Қарақалпақ мәмлекетлик университети Биология факультетиниң бир топар студент-жаслары «Улыўма халықлық шембилик»ти Мойнақ районының «Шағырлы» аўылында өткерди.

Олар факультет деканы Якуб Аметов басшылығында «Университет оқыў-тәжирийбе майданшасы»нда абаданлық жумысларын алып барды. Атап айтқанда бул жерге алма, алмурт, ерик, қәрели ҳәм басқа жәми 200 ге шамалас мийўе нәллерин отырғызды. Сондай-ақ, өткен жылы егилген мийўе нәллерин жабайы шөплерден тазалады.

Еслетип өтемиз, буннан саррас 1 жыл бурын, 14-16 март күнлери Қарақалпақ мәмлекетлик университети Биология факультетиниң профессор-оқытыўшылары ҳәм белсенди студент-жаслары «Арал ҳәм жаслар» ураны астында бул жерде университет оқыў-тәжирийбе майданшасын ашқан еди. Бунда олар 1 гектарға шамалас майданға 650 түп мийўе ҳәм декоратив өсимликлердиң нәллерин егип бағ жаратқан еди.

Қ.Қайпов,

Биология факультетиниң оқыў ислери

бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер