Ҳəммемизге белгили, Конституция мəмлекеттиң тийкарғы нызамы болып, ҳəр бир елдиң келешегин ҳəм келбетин белгилейди.
Бүгинги күнде республикамыз Конституциясы беккемлеп берген принциплерди әмелге асырыў жолынан исеним менен барар екенбиз, мәмлекет қурылысы, жәмийетлик-сиясий, социал-экономикалық ҳәм басқа да тараўларда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, демократиялық жаңаланыўлар, халықтың турмыс дәрежеси ҳәм сапасының жедел өсиўи, елимиздиң көркейиўи, мәмлекетимиздиң дүнья жәмийетшилигиндеги орны кескин өзгерип баратырғанлығы бәршемизге мақтаныш сезимин бағышлайды.
Әлбетте, жәмийетимиздиң барлық тараўларында әмелге асырылып атырған реформаларда «Инсан мәплери ҳәмме нәрседен үстин» деген принцип басшылыққа алынбақта.
Соны айрықша айтып өтиў керек, Конституциямыздың дүзилис мазмуны – пуқаралар ортасында татыўлықты қәлиплестириўге, миллий ҳәм жәмийетлик бирге ислесиўге, шахс еркинлиги ҳәм сайлаў еркинлигин тәмийинлеўге, абаданлық ҳәм экономикалық өсиўге, мәмлекеттиң инсан ҳәм пуқаралар алдындағы өз миннетин орынлаўға бағдарланған.
Республикамыз Конституциясы жәмийетимиздиң бәрше ағзаларының, сондай-ақ, жаслардың мәплерин, олардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин толық түрде өзинде сәўлелендирген. Себеби, келешегимиз болған жаслар мәмлекетимиздиң ҳәр тәреплеме раўажланып уллы мәмлекетке айланыўында белсене қатнасыўы шешиўши әҳмийетке ийе. Жаслардың социаллық талаплары итибарға алынып, бийпул улыўма билим алыўын, еркин кәсип таңлаўын, илимий ҳәм дөретиўшилик еркинлигин өз ишине алыўшы хуқықлар жыйнағы Конституциялық қағыйдалар сыпатында беккемлеп қойылған. Мәмлекеттиң жәмийетимиз мәдений, илимий ҳәм техникалық раўажланыўына ғамхорлық қылыўы ҳәр бир жас аўладтың еле де алға илгерилеп мәмлекетимиз раўажланыўына өз үлесин қосыўына беккем шараят жаратады.
Конституциямызда көрсетилген нормалар өз-өзинен әмелге аспайды. Бул нормаларды турмысқа енгизиўде ең дәслеп, хәр бир инсан ҳәм пуқараның белсенди түрде қатнасыўы талап етиледи. Сондай-ақ, жәмийет ағзаларының ҳуқықый мәденият дәрежеси жоқары болыўы да зәрүрли шәртлердиң бири. Сол себепли, ҳәр биримиз илим-билимимизди, тәжирийбемизди ең баслы нызамымызда көрсетилген норма хәм қағыйдаларды әмелге асырыўға сарыплаўымыз керек.
Жуўмақлап айтқанда, Конституция ҳәм нызамларға әмел еткен ҳалда Ўатан мәпи жолында жасаў ҳәм онын раўажланыўы ушын мийнет етиў, Ўатан алдында өз мәжбүриятларымызда ҳүжданлы түрде орынлаў ҳәр бир пуқараның, айрықша, жаслардың тийкарғы ўазыйпаларынан есапланады.
Мине, ўақыттың соншелли тез пәт пенен өтиўи Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигине саррас 27 жыл толды ҳәм бул қутлы байрам менен бәрше Ўатанласларымызды қутлықлап каламан.
Дәўлетбай Лепесбаев,
Юридика факультетиниӊ 2-курс студенти.