ҚМУ ЮРИДИКА ФАКУЛЬТЕТИ СТУДЕНТИ ХАЛЫҚАРАЛЫҚ ОНЛАЙН ОЛИМПИАДАЛАР ЖЕҢИМПАЗЫ

Мәмлекетимизде карантин жәрияланыўына байланыслы барлық студентлер дем алысқа шығарылып, студентлер онлайн сабақларды өтип, бос ўақытларынан үнемли пайдаланған ҳалда билим алыў, өз үстинде ислеў, тил үйрениў, илимий мақалалар жазыў ҳәм басқа пайдалы ислер менен бәнт болмақта.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Юридика факультети 1-курс студенти Исмайлова Дильфуза “Қуяш нуры” («Солнечный свет») халықаралық педагогикалық порталда Россия ҳәм ҒМДА студентлери ушын шөлкемлестирилген онлайн олимпиадада Ҳуқықтаныў ҳәм Инглиз тили пәнлеринен қатнасып,  “Studportal” халықаралық порталда Россия ҳәм ҒМДА студентлери ушын шөлкемлестирилген онлайн олимпиадада  Ҳуқықтаныў пәнинен қатнасып, “Билим ўақты” (“Времия Знаний”) халықаралық ҳәм улыўма Россия студентлери ушын шөлкемлестирилген онлайн олимпиада шеңберинде Мәмлекет ҳәм ҳуқық тәлийматы пәнинен қатнасып 1-орынды алыўға еристи.

“Қуяш нуры” («Солнечный свет») халықаралық педагогикалық порталда Россия ҳәм ҒМДА студентлери ушын шөлкемлестирилген онлайн олимпиадада әмелияттаныў тараўы бойынша “Жәмийетлик өмирдиң тийкарғы тараўлары” пәнинен қатнасып, сыйлыклы 2-орынды алыўға мияссар болды.

Sky teach  ҳәм Cambridge Assessment English тәрепинен инглиз тили билимданларына арналған IV ҳалықаралық олимпиадада қатнасып, берилген 100 тест тапсырмасынан 72ине дурыс жуўап берип IV дәрежели қәниге сертификатын алыўға миясар болды.

Ю.Абдреймов,

Юридика факультетиниӊ жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер