#Үйде_қалыӊ ЎАҚЫТ ҲӘМ ОНЫҢ ҚӘДИРИ

Дүньяда инсан ушын қәдирли нәрселер оғада көп. Олардың бири, әлбетте ўақыт болса керек. Келиң жақсысы, ўақыт ҳәм оның қәдири ҳаққында аз-кем пикир жүргизип көрейик.

Инсан ҳәр таңда жаңа күнди күтип алар екен оның ықтыярына 24 саат ўақыт бериледи. Бул оған ҳәр күни берилетуғын 1 440 минут ямаса 86 400 секунтлық ўақыт. Өтип атырған ўақтымыз ҳаққында пикир жүргизип қарайтуғын болсақ, саат тиллериниң «шық-шық» етиўлери, тийкарында биз ушын ең әзиз болған өмиримиздиң тоқтаўсыз майдаланып кетип атырған ўақытлары екенлигин сеземиз. Мине усы ўакыт бизиң жақсы ямаса жаман ҳәрекетлеримиздиң гүўасы болып өтип бармақта. 

Өтип кеткен ўақыт ҳеш қашан қайтып келмейди, оның орнын да толтырып болмайды. Гейде билип-билмей кимниңдур кеўлине тийип алсақ яки қәтеге жол қойсақ, ямаса ўақытты надурыс пайдалансақ: “Эҳ, қәне енди өмир бир ўақыя болса, мен оны қәлем менен жазсам, соңынан керек емес сөзлерди өширип тасласам”, деймиз әттең өмир қәлем менен жазылатуғын ўақыя емес. Өтип баратырған ҳәр бир ўақыт инсан өмириниң бир бөлеги. Сонлықтан, өмирдиң ҳәр бир мәўритлеринен туўры ҳәм мазмунлы пайдаланыўға ҳәрекет етиўимиз керек. Инсан өмири фортопионаның тислерине уқсайды. Фортепианоның тислери ақ ҳәм қара реңлерде, егер тек ақ тислерин бассақ қандай да нама жаңлаўы мүмкин, бирақ бизге жағымлы емес, тап сол сыяқлы қара тислерин бассаңызда усындай ўақыяның гүўасы боламыз. Өмирдың музыкасын тыңлағыңыз келсе оның ақ ҳәм қара тислеринен жүриўди билиўимиз керек.

Уламалар ўақыт ҳаққында былай дейди: «Ўақыт бийтәреп болмайды, я саған қәдирдан дос ямаса сениң ең тийкарғы бәсекилесиң болады». Яғный өткен ўақыт инсанның я пайдасына ямаса зыянына ҳүжжет болады. 

Базы пайтларда күнлер тез өтип атырғандай, ал, базы да болса саатлар, ҳәттеки минутлар өтпей атырғандай болады. Ғам-тәшиўишли ўақытларда күнлер әсте өтип атырғандай түйилсе, тийкарында ол тез өтип атырған болады. Оның жүдә тез өтип атырғанлығы, наўқаслық ҳәм ғам-тәшўиштен жырақ болған, кеўилли ўақытларда анық билинип қалады.

Сонлықтан, халқымызда “Ўақыт алтыннан қымбат” деген ибара қолланылады. Себеби, ўақыт бул өмир, өмирдиң болса алтыннан қымбат екенлиги ҳеш кимге сыр емес. Қалаберсе, жойтылған байлықларды және қайтадан қолға киритиў мүмкин, бирақ жойтылған ўақытты болса ҳеш қашан қолға киритип болмайды.

Ўақыт қаншелли қымбат ҳәм бийбаҳа болыўына қарамастан көпшилик инсанлар оның қәдирине жетпейди, нәтийжеде оннан пайдаланып қалыў ушын емес, ал, оны зая етип жойтыў ушын гүреседи. Келиң, буны кишкене турмыслық мысалда көрип өтейик.

Күнлердиң биринде патша бағына барып сарай хызметкерлериниң бирине былай дейди: “Мине, бул мениң бағым, булардың ҳәммесин мен бөлмелерге ажыратып қойғанман. Ҳәр бөлме кирип, мына себетти мийўеге толтырып алып келсең. Ислеген хызметиңе жараса ҳақыңды аласаң”, деп тапсырма берипти.

Сонда ол адам: “Тек усы жумыспа? Бул жүдә аңсат ғой” депти. Сонда патша: “Бирақ бир шәртим бар, ҳәр бир бөлмеге киргеннен кейин артқа қайтыў жоқ” деп ескертипти. “Болады” деп хызметкер бағдың дәслепки бөлмесине киреди, қараса мийўелер писип төгилип кетипти. Негедур оған бул мийўелер унамапты ҳәм кейинги  бөлмеге киреди, қараса алдыңғы бөлмеден де шырайлырақ, және де көркемлирек мийўелер бар екен. “Демек басқа бөлмеси буннан да зор болса керек” деп ойлап, басқасына киреди. Ҳақыйқатында да, бул бөлмедеги мийўелер алдыңғылардан да жақсырақ еди. Солай етип бир-биринен гөззал мийўели бөлмелерге кирип-шығып мийўелерди үзбестен тамаша етер еди. Әри үземен, бери үземен деген үмитте кейинги бөлмеге өтипти, бирақ ақырғы бөлмеге киргенде онда ҳеш қандай мийўе жоқ еди, ол адам ақырғы бөлмеге кирип қалғанлығын да сезбей қалыпты. Қараса себетте ҳеш қандай мийўе жоқ. Соншелли пушайман болып, уялып қалыпты. Бирақта бөлмелерге қайтып кириўдиң илажы жоқ.

Бул ўақыяда биз сүўретлеген бағ инсан өмири еди. Ҳәр бир бөлмеси болса ҳәр бир күнимиз, ҳақыйқаттан да оған қайтып кириўдиң илажы жоқ. Мийўелер болса саўаплы ислеримиз еди.  Солай екен әзиз жаслар, ҳәзирги карантин ўақтында үйде қалып ўақтыңызды бийкар өткерместен, ҳәр бир күниңизден үнемли пайдаланың ҳәм өмир дәптерин саўаплы ислер менен безеп барың. Себеби ўақыт ең шекленген капитал, егер сиз оннан пайдалана алмасаңыз, ҳеш нәрседен пайдалана алмайсыз. Ўақтыңыздың ҳәр бир минутын қәдирлең ҳәм төмендегилер ушын ҳәмийше ўақыт табың:

“Китап оқыў ушын ўақыт табың, бул – билимниң тийкары”,

“Жумыс ислеў ушын ўақыт табың, бул – табысқа ерисиўдиң гиреўи”,

“Дем алыў ушын ўақыт табың, бул – кўштиң дереги”,

“Әрман етиў ушын ўақыт табың, бул – жулдызларға алып барыўшы жол”,

“Қуўаныў ушын ўақыт табың, бул – кеўил музыкасы”.

Адилбай Даўлетмуратов,

ҚМУ “Экономикалық теория” кафедрасыныӊ доценти.

Пайдалы дереклер