#Хош_хабар ҚМУ студенти «Алла 2020» (ҳәййиў) республикалық онлайн таӊлаўыныӊ жеӊимпазы

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги менен биргеликте усы жылдыӊ 25-30-апрель күнлери аралығында студент-қызлар арасында «Алла 2020» республикалық онлайн таӊлаўын жәриялаған еди. Бүгин усы таӊлаўдыӊ жуўмағы жәрияланды.

? Таӊлаў жуўмағына бола Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Вокал атқарыўшылығы қәнигелигиниӊ 1-курс студенти Гүлбаныў Рейпназарова қарақалпақ ҳәййиўин шебер атқарып 1-орынды жеӊип алды.

Биз де университетимиздиӊ студенти Г.Рейпназароваға алдағы дөретиўшилик жумысларында табыслар тилеп, оныӊ атқарған ҳәййиўин нәзириӊизге усынамыз…

ҚМУ Баспасөз хызмети.

 

Пайдалы дереклер