Бүгин дүньяныӊ көпшилик еллеринде тарқаған пандемия себепли барлық илажлар онлайн формата өткерилип келинбекте.
Жақында Чехия мәмлекетиниӊ Румбурк қаласында «TOGETHER FOR FUTURE» – «Бәршемиз келешек ушын» атамасында шөлкемлестирилген Халықаралық онлайн фестивалы болып, ҳәзирги ӯақытта Фестиваль жумыслары жуӯмақлана келди.
Қуўанышлы тәрепи сонда, бул фестивальда дүнья жүзи бойынша 23 мәмлекеттен таңланған 50 төрешилер қурамында Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика кафедрасыныӊ профессоры Малика Тлеубергеновна Жумамуратова да бар екенлиги. Устаз Фото номинациясын баҳалаӯшы жюри сыпатында қатнасты.
Фестиваль бағдары «Бизге зеригерли емес!», «Үйде қаламыз!» уранлары менен балалар ҳәм жаслардың үй шараятында, қолда бар мүмкиншиликлерде өзлериниӊ талантларын жүзеге шығарыўға қаратылған.
Фестиваль барысында Малика Жумамуратова төреши сыпатында усы илажға байланыслы шөлкемлестирилген еки Халықаралық Онлайн конференциясына қатнасты. Фестиваль ҳаққындағы мағлыӯматларды Интернеттеги өз парақшасында жәриялап, елимиздиң балалар ҳәм жасларын онлайн Фестивальға қатнастырыӯ бойынша устазлық етти. Нәтийжеде перзентлеримиз вокал, аяқ ойын, сүӯрет, фото, аппликция, видеоролик, мода номинацияары бойынша қатнасып, үлкен нәтийжелерге еристи.
Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Шет тиллери факультетиниң 3-курс студенти Айзада Юсупова Вокал номинациясына қатнасып, Фестиваль қатнасыӯшысы Дипломына ийе болды.
Жас балалардан DANCE – аяқ ойын номинациясы бойынша 4-7 жас категориясында Бибинур Қоӊыратбаева 3-орын; 11-13 жас категориясында Тумарис Қунназарова –3-орын; 14-17 категориясында Гүлайым Бекмуратова –1-орынды жеңип алды!
Мода, дизайн бойынша 8-10 жас категориясында қатнасқан Айсулыў Оразбаева Eco fashion – эко фасон номинациясынада целлофан қалталардан таярлаған үлгилери менен 1-орынды, Boho-chik номинациясында орамаллардан жәмлеген дизайни менен 2-орынды жеӊип алды.
Бүгингидей карантин жағдайында онлайн форматта усындай халықаралық таӊлаўларға қатнасып, жоқары нәтийжелерди қолға киргизип киятырған жасларымызды көрип кеӯлимиз қуӯанды.
Ҳәр қандай шараятта да устазлық мәртебесин бийик тутқан профессор Малика Жумамуратованың жаслар тәрбиясы ҳәм халықаралық дослық қатнасларын раӯажландырыӯға қаратылған ийгиликли ислеринде табыслар тилеп қаламыз.
ҚМУ Баспасөз хызмети.

