Ҳүрметли университетимиздиӊ профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары!

Пүткил дүнья бойлап адамларды тәшўишке салып атырған коронавирус пандемиясына қарсы гүресте үлкен аўызбиршилик көрсетип атырғаныңыз бәршемизди тәсирлендиреди. Әсиресе, қайыр-сақаўатлық ислериндеги Сизлердиң жоқары инсаныйлық қоллап-қуўатлаўыңыз дыққатқа ылайық.

Бәршеңиздиң хабарыңыз бар, халқымыз коронавирус пандемиясына қарсы үлкен аўызбиришилик пенен гүрес алып барып атырған бир ўақытта және бир аўыр сынақларды басынан кеширмекте.
Бухара ҳәм де Сырдәрья ўалаятларындағы жүз берген тәбийғый апатшылықлар ақыбетинде бәршемизди және де беккем бирлесиўге шақырмақта. Әлбетте, ҳәр биримиз бөлек ҳалда машқалаларды шеше алмаўымыз мүмкин, лекин биз бирлессек үлкен күшке айланамыз.

Тәбийғый апатшылық себепли көплеген адамлар баспанасыз қалды. Олар бүгин жәрдемге жүдә мүтәж. Сонлықтан да, бүгин пүткил Өзбекстан халқының жоқары пазыйлетли инсанлары қолдан келген (азық-аўқатлар, гигиеналық қураллар, кийим-кеншеклер ҳәм балалар ушын керекли буйымлар ҳ.т.б) қайыр-сақаўат ислери менен жәрдем қолларын созып келмекте.

Ҳүрметли университетимиздиӊ профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары!

Усындай қолынан келгенше жәрдем берип атырған көпшилик қатарында Сизлердиң ҳәр бириңиздиң итибарыңыз баспанасыз қалған Ўатанласларымызға мәдет болары сөзсиз.
Бәршеӊизди усындай қайырлы исте белсене қатнасыўға шақырып қаламыз!

Сырдәрья ҳәм Бухара ўалаятларына қайыр-сақаўат ушын жумсалатуғын қәрежетлерди Clik системасы арқалы көрсетилген пластик карта есап бети(8600 3329 4118 7456)не түсириўиңизге болады.
Сондай-ақ, азық-аўқатлар, гигиеналық қураллар, кийим-кеншеклер ҳәм балалар ушын керекли буйымларды университетимиз спорт манежинде жайласқан штабқа әкелип тапсырыўыӊызға болады.

Университет ректораты.

Пайдалы дереклер