Японияның «Гои тынышлық фонды» (The Goi Peace Foundation) Японияның билимлендириў, мәденият, спорт, илим ҳәм технология министрлиги, ЮНЕСКО ислери бойынша Япония Миллий комиссиясы көмеги менен жаслар арасында «2030-жылда өзимнен хат» (A Letter from myself in 2030) темасында ең жақсы баян жазыў (Essay Contest) бойынша халықаралық таңлаў жәриялайды.
Таңлаў қатнасыўшылары өзлериниң дөретиўшилик жумысларын фондтың мәнзилине почта арқалы (International Essay Contest c/o The Goi Peace Fondation 1-4-5 Hirakawacho, Chiyoda-ku, Tokyo 102-0093 Japan) ямаса веб-мәнзили (www.goipeace.or.jp) ҳәм э-почтасына (email: essay@goipeace.or.jp) онлайн түрде жибериўи керек.
Дөретиўшилик жумыслар онлайн түрде 2020-жылдың 15-июнь сәнесине шекем қабыл етиледи.
Таңлаўдың бас сыйлығы: 100 мың йен (шама менен 950 АҚШ доллары) ҳәм 2020-жылдың ноябрь айында сыйлықлаў мәресиминде қатнасыў ушын Японияға саяхат.
Толық мағлыўматты www.goipeace.or.jp/en/work/essay-contest/ веб-сайтынан алыўыңызға болады.
Халықаралық бирге ислесиў бөлими.