Сүйикли шайырымыз мәңги жүрегимизде 

Өзбекстан халық шайыры Зулфия Исраилованың сөзи менен айтқанда: “Қарақалпақ ҳаўазы” болып халқымыздың жүрегинен терең орын алған инсан, бул, әлбетте, И.Юсупов.

ХХ әсир қарақалпақ әдебиятының идея-тематикалық, жанрлық ҳәм көркемлик жақтан ҳәр тәреплеме байып, раўажланыўына салмақлы үлес қосқан Өзбекстан қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов болып табылады.

Егер де бул инсан бизиң арамызда болғанын да быйыл 91 жасын қарсы алған болар еди.

И.Юсуповтың 5-май туўылған күнин көтериңки руўхта өткериў мақсетинде, телеграм социаллық тармағы арқалы онлайн тәризде “Аязий билимданы” таңлаўы университетимиздиң “Китапқумарлар клубы” тәрепинен шөлкемлестирилди. Таңлаў онлайн тәризде болыўына қарамастан, 500 ден аслам студент-жаслар қатнасыўында өткерилди.  

Университетимиздиң “Китапқумарлар клубы” жетекшилери: Б.Қошжанов ҳәм А.Орынбаевлар таңлаўды тиккелей өзлери алып барды.

Таңлаў барысында қатнасыўшылар бир-биринен қурамалы, қызықлы ҳәм логикалық жақтан ойланыўды талап ететуғин сораўларға жуўап берди.

“Бул таңлаў онлайн тәризде өткерилиўине қарамастан, жүдә қызықлы. Өзим билмеген мағлыўматларға ийе болдым. “Аязий билимданы” таңлаўында қатнасқанымнан жүдә қуўанышлыман”-дейди,  қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 1-курс студенти С.Мауленкулова.

Таңлаў жуўмағында Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 1-курс студенти Азизбек Дабылов ең көп балл топлап “Аязий билимданы” номинациясы жеңимпазы болды.

“Таў алыслаған сайын жақсы көринеди” дегениндей халқымыздың уллы байтереги Ибрайым Юсуповтың дөретиўшилиги де шайырдың өзи бул дүняны тәрк әйлеп, жыллар өткен сайын және де қәдирли, және де сүйикли,  және де жақын болып бара береди. Сүйикли шайырымыз И.Юсупов бизиң жүрегимизде мәңги жасайды! 

Азизбек Дабылов,

Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика

факультетиниң 1-курс студенти.

Пайдалы дереклер