ДЫҚҚАТ, ТАҢЛАЎ!!!

 Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректораты профессор-оқытыўшылары, изертлеўшилер ҳәм студент-жаслар арасында “Step by step” яғный (Басқышпа-басқыш) темасында

таңлаў жәриялайды.

 “Step by step” яғный “Басқышпа-басқыш” темасындағы таӊлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртиби

Таӊлаў жаслардыӊ миллий-тарийхый дүньяқарасыныӊ қәлиплесиўине хызмет етиўши ҳәр түрли социаллық, экономикалық, медиа факторларды анализлеп барыў, олардыӊ тәрбиясы, минез-қулқы, әдеп-икрамлылығы, сиясий ҳәм социаллық кейпиятын “Миллий тиклениўден миллий раўажланыўға қарай” идеясы әтирапында бирлестириў, сондай-ақ, жаслардыӊ руўхый келбетин қәлиплестириў, олар арасында ўатансүйиўшилик сезимин күшейтиў ҳәм де социаллық ҳәм сиясий процесслерге тартыўдыӊ заманагөй механизмлерин әмелиятқа енгизиўден ибарат.

Таӊлаўда университет профессор-оқытыўшылары, изертлеўшилер ҳәм студент-жаслар қатнасыўы мүмкин.

Таңлаўдың мақсети ҳәм ўазыйпалары

Бүгинги күнде мәмлекетимизде жаслардыӊ, турмыслық қәдириятлар, билимлендириў, руўхыйлық ҳәм социаллық қатнасықлардыӊ басқа тараўларындағы қатнасыўларын және де арттырыў, олардыӊ руўхый келбетин системалы рәўиште жетилистирип барыў ҳәм де олар менен алып барылып атырған руўхый-ағартыўшылық ислердиң нәтийжелилигине ерисиў, сондай-ақ, студент-жасларда тарийхый қәдириятларға ҳүрмет руўхын қәлиплестириў ҳәм олардыӊ мәмлекетимизде бул тараўда әмелге асырылып атырған реформаларға байланыслық сезимлерин беккемлеў;

– заманагөй технологиялар тийкарында жаслар санасына тәсир етиў, оларды мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларға байланыслық сезимлерин арттырыўдыӊ заманагөй механизмлерин әмелиятқа енгизиў;

– талантлы, дөретиўши студент-жаслар ҳәм де профессор-оқытыўшыларды хошаметлеў, қоллап-қуўатлаў ҳәм де олардыӊ өз уқыплылығын көрсетип бериўине жәрдемлесиў;

Таӊлаўды шөлкемлестириў

3.1. Таӊлаўда қатнасыў мақсети болған талабанлар төмендеги темаларда медиаматериаллар таярлаўы ҳәм университетте дүзилген Шөлкемлестириўши комитети(Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими)не жоллаўы лазым:

  1. Жаслар санасында унамсыз иллетлерге қарсы мүнәсибетте болыў ҳәм ийгиликли идеялар миллий раўажланыўдыӊ бас өлшеми екенлигин үгит-нәсиятлаўға қаратылған медиаматериаллар;
  2. Жасларда коррупцияға ҳәм т.б ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықларға қатаӊ қарсы қатнаста болыў көнликпесин қәлиплестириўге қаратылған медиаматериаллар;
  3. Жасларда бабаларымыз тәрепинен ислеп шығылған руўхый ҳәм материаллық мийраслардың түп мәнисин түсиндириў, тарийхый естеликлердиң тиклениўине ҳәм тарийхый процесслерди сәўлелендириўге қаратылған медиаматериаллар;
  4. Ғәрезсизлик жылларында миллий идеяның қәлиплесиў басқышлары, тарийхый тамырлар ҳаққында ҳәм колониаллық системаның унамсыз жағдайларын өзинде сәўлелендирген медиаматериаллар;
  5. “Жаңа Өзбекстан”, “Илим-мағрипат ҳәм санлы эканомиканы раўажландырыў жылы” мәмлекетлик бағдарламасы, “Жаслар келешек қурыўшысы” ҳәм “Жаңа Өзбекстанды, әлбетте, жаслар менен бирге қурамыз” темаларында бүгинги күнде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларды өзинде жәмлеген социаллық медиаматериаллар;
  6. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң қәлиплесиў тарийхы ҳәм бүгинги күнге шекем раўажланыў басқышлары, елимизди кадрлар менен тәмийинлениўи, тәлим-тәрбия ҳәм илим изертлеў бағдарларында жетискенликлерине қаратылған медиаматериаллар;
  7. Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен котерилген 5 баслама шеңберинде жаслар мәнаўиятын жоқарылатыў ҳәм олардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириўге қаратылған медиаматериаллар.

 

Жоқарыда көрсетилген ҳәр бир темаға төмендегише қатнас жасаў:

  • Тарийхый жақтан қәлиплескен әдеп-икрамлылық қағыйдалары ҳәм қәдриятларды (қандай да бир әдеп-икрамлылық категория мысалында, яғный әдалат, ўатансүйиўшилик, пидайылық, садықлық ҳәм тағы басқа) тәсиршеӊ қураллар арқалы жаслар санасына сиӊдириўге қаратылған медиаматериаллар таярлаў керек;
  • дөретиўши-жаратыўшы, сын пикирлеў арқалы еркин пикирлеўши, сезимлерге берилмейтуғын, салдамлы ҳәм сабырлы инсан, исбилермен ҳәм де интеллектуал потенциаллы бүгинги күн қаҳараманы тымсалын жаратыў бунда “Миллий тиклениўден миллий раўажланыўға қарай” идеясыныӊ қәлиплесиў тарийхы тийкарында қатнас жасаў;
  • халық аўызеки дөретиўшилиги ҳәм миллий фольклорлық дәстүрлерине бүгинги күн көзқарасынан тарийхый қәлиплесиў басқышларын илимий-ғалабалық тәризде сәўлелендирип бериў керек;
  • медиаматериаллар таярлаўда “мәҳәлле-район-аймақ-республика” тарийхы, үрп-әдетлери ҳәм өзине тән қәдириятларына айрықша итибар бериў.

Таңлаў үш басқышта шөлкемлестириледи.

  1. Биринши басқышФакультет басқышы медиаматериалларды қабыллаў ҳәм оларды таңлаў – 2020-жылдың 20-майынан 5-июньға шекем өткериледи. Медиаматериалларды университетте шөлкемлестирилген Шөлкемлестириўши комитети(Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими 61 223-59-54, 93 920-10-09)не интернет арқалы электрон формада жиберилиўи тийис.
  2. Екинши басқыш – Университет басқышы болып, усы басқышта факультетлерден келген медиаматериаллардың ишиннен 1-2-3 орынға ылайық жеңимпазларды анықлаў ҳәм оларды ақшалай хошаметлеў – 2020-жылдың 5-10-июнь күнлери өткериледи.
  3. Үшинши басқыш – Университет басқышында жеңимпаз болған медиаматериаллар таңлаўдың республикалық сайлап алыў басқышында қатнасады.

Таңлаўға Бағдарламада келтирилген шәртлер тийкарында толтырылған медиаматериаллар қабылланады.

Таңлаўда қатнасыўшылар өз медиаматериалларына төмендеги қосымша ҳүжжетлерди усыныўы тийис:

  • қатнасыўшылардың паспорт, ИНН (ямаса шахсты тастыйықлаўшы басқа ҳүжжетлери) электрон нусқалары;
  • қатнасыўшылардың жеке мағлыўматнамасы (турақлы ислеп турыўшы телефон ҳәм де электрон мәнзили көрсетилген);
  • қатнасыўшылардың ақырғы 3 ай ишиндеги 4х6 көлемдеги электрон фотосүўрети.
  • қатнасыўшылар ислеп атырған ямаса оқып атырған факультет ямаса кафедра усыныс (әмелге асырған жумыслары, дөретиўшилик мийнетлери жыллар кесиминде толық көрсетилген мағлыўмат болыўы тийис);

Медиаматериалларды баҳалаў

Қатнасыўшылар тәрепинен жиберилген медиаматериаллар университетте тийисли қәнигелерден дүзилген Эксперт комиссиясы тәрепинен көрип шығылады (жағдайға қарап онлайн көрип шығылыўы ҳәм баҳаланыўы мүмкин) ҳәм баҳаланады.

Эксперт комиссиясы жумысларды баҳалаўда төмендеги тәреплерге итибар береди:

– қатнасыўшылар ушын жоқарыдағы тема бағдарлары бойынша еркин дөретиўшилик имканияты бериледи. Медиаматериаллар жоқарыда келтирилген темалардан бирине тийисли болыўы тийис;

– медиаматериаллардағы логикалық, қатнасыўшының көзқарасы, пикирлеў шеңбери ҳәм итибарды тарта алыў өзгешелиги;

– мазмуны, оның жоқарыдағы темалар бойынша қамтыўы, усы мәселелерге болган қатнастың сиңдирилиў дәрежеси;

– медиаматериаллардың өзине тәнлиги, басқалардан айырып туратуғын тәреплери.

Еслетпе: Таңлаўға усынылған медиаматериаллар усы Нызамда көрсетилген талапларға жуўап бермеген жағдайда кандидаттың арзасы қайтарылады;

Таңлаў қатнасыўшысы усы Нызамда көрсетилген талапларды бузған ҳәм де таңлаўдың өткерилиў талап ҳәм шәртлерине сай келмеген ўақытта таңлаўдан шетлестириледи.

Сыйлықлаў

Таңлаў жеңимпазлары жоқарыда келтирилген бағдарларға қарамастан 3 (1, 2 ҳәм 3) орын бойынша анықланады.

  • 1-орынды алған медиаматериал авторы ямаса авторлар жәмәәти УНИВЕРСИТЕТ ТӘРЕПИНЕН 1.500.000 сўм пул сыйлығы ҳәм арнаўлы диплом менен сыйлықланады;

2-орынды алған медиаматериал авторы яки авторлар жәмәәти
УНИВЕРСИТЕТ ТӘРЕПИНЕН 1.250.000 пул сыйлығы ҳәм арнаўлы диплом менен сыйлықланады;

– 3-орынды алған медиаматериал авторы яки авторлар жәмәәти
УНИВЕРСИТЕТ ТӘРЕПИНЕН 1.000.000 пул сыйлығы ҳәм арнаўлы диплом менен сыйлықланады;

Таңлаўда қатнасқан видеоматериал автор яки авторлар жәмәәти университетте шөлкемлестирилген Шөлкемлестириў комитетиниң усынысына көре, университет қаржылары(жеңимпаз ҳәм жеңимпазлары сыйлықлаў жағдайына қарап аралықтан турып шөлкемлестирилиўи мүмкин) есабынан сыйлықланады.

 

 

 

 

Пайдалы дереклер