Халқымыз аўзында айтылып жүрген «Табағын көрип асын иш, анасын көрип қызын ал» деген ибаралар ҳаял-қызларымызға, олардың тәлим-тәрбиясына байланыслы қолланылатуғынлығы бизге мәлим. Ата-бабаларымыз әзел-әзелден қыз балалардың тәрбиясына айрықша итибар қаратып келген. Себеби, қыз бала булар ертеңги келешек аналар, әўладларымыздың даўамшысы… «Анаға қарап қыз өсер» дегениндей ҳǝр бир қыз анасынан үйренгенлерин өмир бойы өзине үлги етеди. Қыз баланың тарбиясында, әсиресе, олардың оқыў орынларын питкергеннен кейин өз кәсибиниң маманы болып жетилисиўи менен бирге, бир шаңарақтың қолы гүл шебер келини, жақсы үй бийкеси деген үлкен «лаўазымға» ерисиўинде олардың анасынан алған тарбиясы, оннан үйренгенлери жүда үлкен әҳмийетке ийе. Соның менен бирге, жоқары оқыў орынларындағы тәлим алып атырған қызларымыздың көргенли, әдеп-икрамлы, шебер, қолы гүл, өнерли болып жетилисиўинде сол оқыў орынларындағы қызлардың тәрбиясы менен шуғылланатуғын ҳаял-қызлар шөлкемлериниң де айрықша орны бар.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Ҳаял-қызлар кеңеси тәрепинен студент-қызларымыздың тәлим-тәрбиясы бағдарында бир қанша көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Университетте тәлим алып атырған жасларымыздың 5114 ин студент-қызлар қурайды. Бул қызларымыздың оқыў орынларында жақсы билим алыўы менен бирге олардың оқыўдан бос ўақытларының мазмунлы өтиўинде, сондай-ақ, оларды кәсипке бағдарлап, белгили бир өнерге үйретиўде, бул арқалы қызларды келешек турмысқа, ана болыўға тәрбиялаўда ҳаял-қызлар шөлкеми тәрепинен нәтийжели тәлим-тәрбиялық жумыслар әмелге асырылмақта. Бул ислердиң нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде ҚМУ Ҳаял-қызлар Кенеси жанында қызларымыз ушын «Қызларжан» клубы, «Азада қызлар», «Шебер қоллар» дөгереги, «Миллий кестешилик», «Қол өнери», «Аспазлық сырлары» дөгереклери шөлкемлестирилген. Бул клуб ҳәм дөгереклерге студент-қызлар өзлериниң қызығыўшылығына қарай отырып қамтып алынған. Қызларымыздың өнер үйрениўине болған умтылыслары карантин дǝўиринде де тоқтап қалған жоқ. ҚМУ Ҳаял-қызлар шөлкеми басламасы менен студент-қызлар арасында алып барылып атырған тәрбия жумысларын үзиликсиз даўам еттириў ушын телеграм каналы арқалы жоқарыда аты аталған клуб ҳәм дөгереклердиң онлайн группалары ашылды. Ҳәм бул дөгерек ҳәм клубларға дерлик бәрше қызларымыз қамтып алынды. Студент-қызлардың онлайн сабақлардан бос ўақытларын дурыс режелестириў ҳәм мазмунлы өткериў мақсетинде бул телеграм группаларда олар менен алып барылатуғын тәрбиялық жумыслардың күнлик, ҳәптелик ис-режелери ислеп шығылды ҳәм кесте бойынша ҳәр күни өткерилетуғын илажлардын сапалы болып өтиўине жуўапкер етип ҳәр бир факультеттиң ҳаял-қызлар шөлкеми жетекшилери бекитилди. Бул жуўапкерлердиң ҳәм де тийисли қәнигелердиң басшылығында студент-қызларымыз дерлик ҳәр күни дослары менен биргеликте аспазлық, тигиўшилик, кестешилик, сүўретшилик сыяқлы бир неше өнерлерди онлайн тǝризде меңгерип атыр.
Сондай-ақ, бул телеграм группаларда студент-қызларымыз бенен белгиленген кесте ҳәм реже тийкарында онлайн түрде ушырасыўлар, семинарлар, әдебий кешелер, психолог мәсләҳәтлери ҳәм де қызларымыздың қызығыўшылықларынан келип шығып түрли таңлаўлар өткерилмекте.
Студент-қызлардың түрли өнер сырларын қай дǝрежеде үйренип атырғанлығын анықлаў, олардың шеберлигин хәм карантин дǝўириндеги белсендилигин еле де жетилистириў мақсетинде жақында ҳаял-қызлар шөлкеми басламасы менен «Ең шебер аспаз қыз» атамасында онлайн таңлаў өткерилди. Бунда қатнасыўшыларға үй шǝраятында таярлаўға аңсат болған тағам хәм шийринлик өнимлерин писириў барысын видеокөринис ҳәм сүўретлерде жәмлеп көрсетиўи ушын 2,5 саат ўақыт белгилеп берилди. Берилген ўақыт ишинде қызлардың тағамды писириў барысы, шеберлиги, уқыбы толығы менен сәўлеленген видеокөринис хәм сүўретлер арқалы олардың арасынан жеңимпазлар сайлап алынды.
Таңлаўда тийкарынан қызлардың тағам таярлаўдағы шеберликлери, шаққанлығы, писирилген тағам ушын таңланған азықлық затлардың саламатлыққа тәсири, азадалыққа итибар бериўи, олардың тағамды писириў пайытында гиегеналық талапларға итибар қаратқанлығы , сондай-ақ қызлардың асхана тәртиплерине сай озлерин услап тутыўларына шекем есапқа алынып, баҳалап барылды.
Таңлаў жуўмағында төрешилер тәрепинен ҳәр 3 орынға 2 қыздан мүнәсип деп табылды. Таңлаўда 1-орынды Қурылыс факультети, имаратлар хәм сооружениелер қурылысы қәнигелиги студенти Давранова Зебинисо ҳәм Тарийх факультети социология қәнигелиги студенти Султанова Юлдуз;
2-орынды Қарақалпақ филолгиясы хәм журналистикасы факультети студенти Минажатдинова Макария ҳәм Архитектура қәнигелиги студенти Есбосинова Ғазинахан ;
3-орынды Биология факультети дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў технологиясы қәнигелиги студенти Есемуратова Шахноза хәм Қурылыс факультети қурылыс материаллары хәм буйымлары қәнигелиги студенти Каримбаева Гөззал ийелеуге миясар болды.
Сондай-ақ, таңлаўға белсенди қатнасқан қызлар да бир қатар номинациялар менен сыйлықланды.
Таңлаў жеңимпазлары университет ректораты, ҳаял -қызлар шөлкеми ҳам басқа да жәмийетлик шөлкемлер тәрепинен Диплом, Хүрмет жарлықлар менен (әлбетте, оқыў басланғаннан соң) сыйлықланады.
Жуўмағымыз сол, өткерилип атырған бундай таңлаўлар студент-қызлардың университетте тек ғана билим алып қоймастан, келешекте қолы гүл келин болыўына, ертеңги күни перзентлерине өз қолы менен таярланған, ҳǝр тǝреплеме сапалы тағамлар таярлап бериўи менен бирге ҳǝр қыйлы мазалы өнимлер ислеп шығарып халыққа хызмет көрсетиў бағдарында өз исбилерменлигин баслаўға да үлкен тǝжирийбе мектебин өтейтуғынлығына исенемиз.
Инжайым Сейтназарова,
ҚМУ Ҳаял-қызлар кеңеси баслығы,
Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы.


