Аралдан илҳәм алған халық шайыры

Өзбекстан  ҳәм  Қарақалпақстан халық шайыры, Арал жыршысы  Тлеуберген Жумамуратовтың туўылғанына быйыл 105 жыл толады.

Жоқары талант ийеси Тлеуберген Жумамуратов 1915-жылы Мойнақ районы, Ақдәрья аўылында туўылған. Ол өмириниң ақырына шекем дөретиўшиликтен,  халық ғамы, қуўаныш,  қайғысын, бәлент инсаныйлық пазыйлетлерин жырлаўдан  тоқтамады, яғный «көплер қосық жазса, ал, ол шайыр болды».

Университет «Китапқумарлар» клубы онлайн группасында 25-майдан 29-май сәнесине шекем шайыр туўылғанына 105 жыл толыў алдынан онлайн илаж шөлкемлестирди. Онлайн илажда университет студент-жаслары менен биргеликте шайырдың перзентлери ҳәм де шайырдың ықласбентлери де белсене қатнасты. 5 кун даўам еткен онлайн илажда шайырдың қосықларын  студент-жаслар менен бир қатарда ықласбентлери де  видео ҳәм аудио тәризде атқарды.

Кеше соңында шайырдың қызы педагог журналист, шаира Малика Жумамуратова менен онлайн сәўбет шөлкемлестирилип, шайыр ҳаққында көплеген мағлыўматларға  ийе болдық. Соныӊ менен бирге онлайн кешемиз жуўмағында шайыр өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында викторина шөлкемлестирилип, шайыр шығармалары ықласбенти Гулпаршын Ермағанбетова жеңимпаз деп табылды. Китапқумарлар клубы шайырдың перзентлери менен бирге «Шаираға арнаў» қосықлар таңлаўын жәриялады.

Китапқумарлар клубы карантин ўақтында да жаслардың бос ўақытын бийкар өткермей, оларды  китапқумарлыққа қызығыўшылығын арттырыўда, жазыўшы-шайырлар менен жақыннан таныстырып барыўда онлайн жумыслар алып бармақта.

Раушан Калмурзаева,

Мәлимлеме ресурс орайы бас китапханашысы, «Китапқумарлар» клубы басқарыўшысы.

Пайдалы дереклер