«Халықаралық қоршаған орталықты қорғаў күни»н белгилеў шеңберинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми пүткил дүнья жүзи көлеминде актуаль болған экологиялық машқалалар туўрысында халық-аралық жәмийетшиликти хабардар етип, усы машқалаларды шешиўге дүнья халықларын шақырады. Жыллар өтип бул күнди 100 ден артық мәмлекетте белгиленип киятыр, ҳәзирги күнде экологиялық машқалаларды шешиўге жәрдем бериўши зүрүрли орынды ийелейди. Буннан басқа, бүгинги күнде барлық халықлар бирлесип, қоршаған орталықты қорғаўға, ана тәбиятты асырап қалыўға өзиниң жеке үлесин қосыў имканиятына ийе болады.
Халықаралық қоршаған орталықты қорғаў күнин БМШ ниң Бас Ассамлблеясы тәрепинен 1972 жыл Стокголмда болып өткен «Инсаният орталығы» темасындағы конференцияда жәрия етилген.
Бул сәне не ушын зарүр?
– инсаният пәраўанлығы, қоршаған-орталық саламатлығы, экономика нәтийжелиги жеримизде бар болған тәбиий ресурсларды ақылана басқарыўымыз, олардан үнемли пайдалана алыўымызға байланыслы болады.
– ҳәзирги күнде жер шарындағы көплеп экосистемалардың қорлары дерлик пүткиллей таўсылып, артқа қайтарып болмайтуғын кери процесслер жүз берген, оның үстине пүткил дүньяда халық санының өсип барыўы, экономика раўажланыўы сыяқлы факторлар усы машқалалар жәнеде шийелениўине алып келмекте
Бул сәне тек ана-жеримизди қәдирлеў, жер шарында бар болған бай биологиялық көп түрлиликти сақлаў күни есапланады. Бүгинги күнде биз барлық ана-жеримизди қандай етип қорғаўды, оның табиятын қандай сақлаўымыз кереклигин, ҳәзирги ўақытта актуаль болып қалған экологиялық машқалаларды қандай шешиўимиз мүмкинлиги туўрысында терең ойлаўымыз, жер-шарымызды жәнеде гөззал, саламат етиў жолларын излеўимиз лазым.
БМШ бул сәнени қандай түрде белгилейди?
Бул сәнени белгилеў менен байланыслы кең көлемдеги илажлар бир лозунг астында, ямаса бир темада өткериў ўазыйпасы ҳәр жылы айрықша бир мәмлекетке жүклетилип, бул мәмлекетте 5 июнь күни туўры келетуғын ҳәпте даўамында халық аралық көргизбелер шөлкемлестириледи. 2015 жылдада усы сәне “Жети миллиард арзыў-әрман. Жеке планета. Пайдаланыўды тежейик” деген темада белгиленип, тийисли илажлар Италияда шөлкемлестирилди.
Бул сәнени белгилеў пүткил дүнья бойлап 70 мәмлекетте миллионлап адамлар қатнасында кең көлемли илажлар өткериледи. Ҳәр жылы жасы үлкенлер ҳәм актив жаслар арасында түрли көргизбелер, коршаған-орталықты тазалаў жумысларын, шембиликлер, концертлер, ҒХҚ қатнасында бир қатар илажлар, түрли таңлаў ҳәм жарыслар шөлкемлестириўде қатнасады.
А.Хабибуллаев,
Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы ассистенти.