2020-жыл 4-июнь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Юридика факультети тәрепинен университет факультетлери профессор оқытыўшылары ҳәм студент жаслары менен «Уллы келешекти мәрт ҳәм кең пейил ҳалқымыз бенен бирге қурамыз» атамасындағы online zoom дәстүри арқалы саўбетлесиў болып өтти.
Саўбетлесиў Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы министирлигиниң 2020-жыл 20-май күнги 87-06-439-санлы хатына муўапық 2019-жыл 25-октябрь күни Нөкис қаласында өткерлиген «Арал бойы-экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы» атамасындағы халық аралық конференцияда берилген усынысларын орынланыўын 2019-2020-жылларда әмелге асырыў бойынша «Жол картасын» орынлаўды тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилди.
Кирис сөз бенен юридика факультети деканы ю.и.д., проф., Елизавета Қутыбаева шығып Нөкис қаласында өткерлиген «Арал бойы-экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы» атамасындағы халық аралық конференцияда көрсетип өтилген усыныслар менен таныстырып өтти ҳәм булл бойынша өз пикирлерин билдирди.
Сондай-ақ, ушырасыуда Жаслар менен ислесиӯ бойынша проректоры ӯ.ӯ.а. И.Жуманиязов, Миллий идея, руўҳыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасы баслығы, доц. А.Байрыева, Миллий идея, руўҳыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасы үлкен оқытыўшысы Т.Абдуллаев, Миллий идея, руўҳыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими қәнийгелиги 2-курс магистранты Т.Даулетмуратов, Миллий идея, руўҳыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими тәлим бағдары 3 курс студенти С.Ережепова, Миллий идея, руўҳыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими тәлим бағдары 3 курс студенти Н.Рахманбергенов, Юриспруденция тәлим бағдары 2 курс студенти Б.Юлдашев, Юриспруденция тәлим бағдары 1 курс студенти Г.Кунназарова, Юриспруденция тәлим бағдары 1 курс студенти Ж.Турдумурадовлар өз баянатлары менен қатнасты.
Саўбетлесиў соңында профессор-оқытыўшылар ҳәм студент жаслар пикир ҳәм усыныслары менен бөлисип өзлерин қызықтырған сораўларын берип жуўапларын алды.
