Өзбекстан бойлап саяхат етиўди ҳәм бул саяхат арқалы қоңсы мәмлекетлерге ҳәм мәмлекет бойлап бийпул саяхат жолланбасын қолға киргизиўди қәлеўшилер ушын;
Tourism challenge (Туризмге шығыўшы) таңлаўы өткериледи.
Таңлаў университетте оқып атырган студентлерден ибарат командалар қатнасыўлары мүмкин. Таңлаўда жеңимпаз болғанлар төмендегише сыйлықланады:
1-орын, Қоңсы еки мәмлекетке 7 күнлик саяхат 6 адамлық (саяхатларды шөлкемлестириўде ең белсене қатнасқан ҳәм кең жарытқан қатнасыўшылар) жолланба, Ҳүрмет жарлықлар ҳәм китаплар топламы (100 дана);
2-орын, Қоңсы бир мәмлекетке 5 күнлик саяхат 6 адамлық (саяхатларды шөлкемлестириўде ең белсене қатнасқан ҳәм кең жарытқан қатнасыўшылар) жолланба, Ҳүрмет жарлықлар ҳәм китаплар топламы (50 дана);
3-орын, Өзбекстанның 3 қаласына 5 кунлик саяхат ушын 6 адамлық жолланба, Ҳүрмет жарлықлар ҳәм китаплар топламы (50 дана) менен сыйлықланады.
Таңлаў усы жылдың апрель айына шекем өткериледи.
Толық мағлыўматларды www.tourchalenge.uz сайты арқалы алыўыңызға болады.