2020-жыл 16-июнь күни саат 930 де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы филология илимлери бойынша илим докторы илимий дәрежесин бериўши DSc.03/30.12.2019.Fil.20.01 санлы Илимий кеңес мәжилиси Ахборот ресурс орайы компютер ханасы бас студиясы арқалы онлайн түрде өткериледи.
Мәжилисте Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институтыныӊ 10.00.03 – Қарақалпақ тили қәнигелиги бойынша еркин излениўшиси Альниязов Айтмурат Исмаиловичтыӊ «Ҳәзирги қарақалпақ тилинде дизбекли қоспа гәплердиӊ функционал-семантикалық анализи» деген темадағы филология илимлери докторы (DSc) дәрежесин алыў ушын усынылған диссертация жумысын Илимий кеңесте қорғаў ушын қабыллаўы көрип шығылады.