“ӘДЕБИЯТ ЖАСАСА, МИЛЛЕТ ЖАСАЙДЫ”

Әдебият мүлкиниң султанлары болған дөретиўши инсанлар халықтың турмысын өз қәлемине алып, қағазда сәўлелендиреди ҳәм оқыўшы қәўимине өмир сабағын үйретеди. Мине, усындай ағартыўшылық үлесиўши тулғаларды қәдирлеп-қәстерлеў ҳәм олардың алтын мийрасын келешек әўладқа жеткериўди қоллап-қуўатлаған мәмлекеттиң халқы, әлбетте жоқары мәнаўиятлы ҳәм зиялы халық болады. Өйткени, “Әдебият жасаса, миллет жасайды” деген еди уллы ағартыўшы Шолпан.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзияевтың усы жылдың 20-май күни Алишер Наўайы атындағы Өзбекистан Миллий бағында қурылған Адиблар хиёбонина келип, әмелге асырған ис-илажларынан елимизде әдебиятқа деген итибардың күшли екенин аңлаўымыз мүмкин. Бул майданды көркемлик жақтан байытыў мақсетинде Бабур, Агаҳий, Бердақ, Муқимий, Фурқат, Беҳбудий, Авлоний, Шолпан, Қадирий, Ибрайым Юсупов, Төлепберген Қайыпбергенов, Александр Файнберг сыяқлы атақлы тулғалардың естеликлери дөретилди.

“Әдебият халықтың жүреги, елдиң мәнаўиятын көрсетеди. Бүгинги курамалы заманда адамлар қәлбине жол табыў, оларды жақсы мақсетлерге илҳамландырыўда әдебияттың тәсиршең күшинен пайдаланыў керек. Ата-бабалар мийрасын үйрениў, уллы мәдениятымызға мүнәсип уллы әдебият дөретиў ушын ҳәмме шәраятларды жаратамыз”, – деди Президентимиз.

Бүгинниң заманагөй жаслары интернеттен, электрон әдебиятлардан көбирек пайдаланыўы, лекин миллий әдебият ғәзийнесин интернетте үгит-нәсият етиў жақсы жолға қойылмағаны атап өтилди. Сонлыктан, Президентимиз “Адиблар хиёбони” деп аталған интернет порталын жаратыў усынысын билдирди. Бунда миллий ҳәм заманагөй әдебий шығармалардың электрон нусқалары, жазыўшы ҳәм әдебиятшылардың сабақлары өз сәўлесин табады.

Тез пәт пенен раўажланып баратырған ҳәзирги заманда техника-технология, экономика тараўлары қатарында әдебиятқа қаратылған бундай үлкен итибар нәтийжесинде, ҳәм биз жаслардың әдебий мийрасларды жақсы үйрениўи арқалы, әлбетте өзбек ҳәм қарақалпақ әдебияты бәлент шоққыларға өрлейди!

 

Динора Бегдуллаева

Бердак атындағы

Қарақалпақ мәмлекетлик университети

Шет тиллери факультети 1-курс студенти


Пайдалы дереклер