ӘҲМИЙЕТЛИ СӘЎБЕТ УНИВЕРСИТЕТТЕ ЖАҢА ҚӘНИГЕЛИКЛЕР АШЫЛМАҚТА

Көпшиликтиң хабары болса керек, республикамыздағы барлық жоқары оқыў орынлары сыяқлы усы жылдың 20-июнь сәнесинен баслап Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 2020-2021-оқыў жылы ушын абитурентлерден ҳүжжетлерди қабыллаў басланды. Биз усы университеттиң қабыллаў комиссиясының жуўаплы хаткери филология илимлериниң кандидаты О.Дүйсенбаев пенен гүрриңлесип, оннан республикамыз жаслары ҳәм олардың ата-аналарын қызықтырған саўалларға жуўаплар алдық.
-Олимжан Исмайылович қабыллаў комиссиясы быйылғы жылы университет бойынша бакалавр тәлим бағдарына неше қәнигелик бойынша қанша студент қабыллаў режелестирилмекте?
-Быйылғы жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети тәрепинен бакалавр тәлим бағдарының күндизги бөлимине 64 қәнигелик бойынша жәми 3875 талабанды студентлер қатарына қабыллаўды режелестиргенбиз. Соның 681 и мәмлекетлик грант, ал 3194 и төлемли шәртнама тийкарында оқыўға қабылланады. Сондай-ақ, кешки бөлимге математика, биология, физика, химия, юриспруденция қәнигеликлери бойынша 150, сыртқы бөлимге дене тәрбиясы, өзбек тилин, қарақалпақ тилин оқытыў, тарийх, математика, биология, география, психология, журналистика, экономика, бухгалтерия есабы ҳәм аудит, электр энергетикасы,электр технологиясы, электр механикасы ҳәм электр технологиялары, геодезия,картография ҳәм кадастр, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў қәнигеликлери бойынша 600 жасты студентлер қатарына қабыллаўды режелестирип қойғанбыз.
-Быйылғы қабыллаўдың өткен жылғыдан айырмашылығы неде?
– Ҳәммениң хабары болғанындай Қытайдың Ухан қаласында басланып, соңын ала пүткил дүньяға таралған «Covid 19″ кеселлиги пандемияға айланып, жәҳәндеги дерлик барлық халықлардың турмысына унамсыз тәсир көрсетти. Соның ишинде Өзбекстан Республикасы халқының да күнделикли турмысы ҳәм жасаў шараяты, елимиздиң экономикасының алға қарай раўажланыўына кери тәсир көрсетпей қалмады. Республика ҳүкиметиниң өз ўақтында қоллаған карантин илажларының нәтийжесинде бул пандемияның елимиз бойлап кең ҳәўиж алыўының алды алынды. Усы енгизилген карантин илажларына қатаң әмел еткен ҳалда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң қабыллаў комиссиясы абитурентлерден ҳүжжетлерди онлайн түринде аралықтан қабылламақта. Абитурентлердиң өз ҳүжжетлерин тапсырыўдағы түсинбеўшиликлериниң алдын алыў мақсетинде » Call center » , яғный, қысқа қоңыраў орайы шөлкемлестирилип, олар төмендеги телефон номерлери бойынша халқымызға бийминнет хызмет көрсетпекте.
61 223-60-22
61 223-72-65
61 223-59-45
61 223-59-49
61 223-59-69
61 223-58-52
61 223-58-63
61 223-57-16
61 223-63-62
61 223-56-71
Коронавирус пандемияси шараятында санитария нормалари талапларидан келиб шығып, имтиҳанларда абитуриентларнинг ата-аналары ҳәм олардың жақынлары ушын күтиў орынлары шөлкемлестирилмейди. Соның менен бирге имтиҳан ўақтында ҳәр бир абитурент ушын биналар ишинде 3 м2 ден кем болмаған орын ажыратылады.
Сондай-ақ, быйылғы жылдан баслап бакалавр тәлим бағдарының күндизги бөлимине мәлимлеме хызмети ҳәм жәмийетлик пенен байланыслар, статистика, компьютер илимлери ҳәм программаластырыў технологиялары,, қала қурылысы ҳәм де коммуникациялық инфрадүзилмени шөлкемлестириў ҳәм басқарыў, жол инженерлиги, дийўал ҳәм пардозлаўға қолай материаллар технологиясы, Баспа иси, транспорт логистикасы, жол ҳәрекетлерин басқарыў, сыртқы бөлимге математика, география, магистратураға қазақ , түркмен филологиясы бойынша әдебияттаныў,салыстырмалы тилтаныў, лингвистикалық аўдармашылық, гидрометрология, топырақтаныў, монополияға қарсы басқарыў ҳәм бәсекиликти раүажландырыў, мәмлекетлик қаржы ҳәм халықаралық қаржы, жынаят нызамшылығын қоллаў теориясы ҳәм әмелияты, ҳуқық ҳәм бизнес, электр станциялары, нефт ҳәм газди қайта ислеў ҳәм химиялық технологиясы қәнигеликлери жаңадан ашылмақта.
-Олимжан Дүйсенбаевич быйылғы қабыллаўда қандай категориядағы жасларға мәмлекет тәрепинен жеңилликлер берилиўи көзде тутылған?

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрман ҳәм қарарлары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң арнаўлы қарарлары тийкарында Көркем-өнер академиясының сүўретлеў өнери түри бойынша Республика таңлаўы жеңимпазлары, Зульфия атындағы Мәмлекекетлик сыйлықтың лауреатлары, Шет тили (TOEFL, IELTS, CEFR ҳәм басқалар) бойынша сертификатларға ийе болғанлар, Исҳоқхон Ибрат атындағы шет тиллерге қәнигелестирилген мектеп-интернат питкериўшилери, Ишки ислер органлары хызметкерлери перзентлери, Мақсетли қабыллаў, “Мард ўғлон” мәмлекетлик сыйлығының ийелери, Меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшылары, “Ниҳол” сыйлығы ийелери, Алыс шөл аймақлары турғынлары, “Тәрбияшы” таңлаўы жеңимпазлары, «Темурбеклер мектеби» питкериўшилери, Өзбекстан жаслар аўқамының белсенди ағзалары, Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлери хызметкерлери перзентлери. Майыплығы болған пуқаралар,Пән олимпиадалары жеңимпазлары, Әскерий бөлим ҳәм Жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми усыныснамасына ийе болғанларларға мәмлекет тәрепинен арнаўлы жеңилликлер берилиўи көзде тутылған. Усылар менен бир қатарда қоңсылас Түркменистан Республикасынан келген абитурентлерге де арнаўлы квоталар ажыратыўды режелестиргенбиз.
-Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет.
-Рахмет.

Сәўбетлескен: Әдилбай Оразов.
Бердақ атындағы ҚМУ Баспасөз хаткери

Пайдалы дереклер