Наргиза ҒМДАның Ең Жақсы Студенти

Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Қарақалпақ филологиясы хәм журналистика факультети питкериўшиси, Өзбекстан Жаслар аўқамы стипендиясынын Қарақалпақстан Республикасынан ең биринши жеңимпазы, , Ислам Каримов атындағы мәмлекетлик стипендия ийеси Наргиза Балтабаева Қазақстанның Нурсултан қаласында өткерилген «Лучший студент СНГ – 2020» (ҒМДА мәмлекетлериниң ең жақсы студенти – 2020) халықаралық таңлаўында сыйлы I орынды ийеледи.

Бул жойбардың тийкарғы мақсети – ҒМДА мәмлекетлериниң жоқары оқыў орынлары студентлерин қоллап-қуўатлаў, илим-пән, техника раўажланыўына үлес қосып киятырған жасларды анықлап, оларды мүнәсип түрде хошаметлеў болып есапланады.

Жойбар шеңберинде ҒМДА мәмлекетлериниң ең зийрек, Республикалық ҳәм халықаралық көлемде жоқары нәтийжелерге ерискен студентлериниң жетискенликлери орын алған арнаўлы «Халықаралық қәбилетли жаслар энциклопедиясы» баспадан шықты.

Таңлаў нәтийжелерине бола университетимиз студенти Наргиза Балтабаеваның илимий жумыслары, қолға киргизген жетискенликлери есапқа алынып I орынға ылайық деп табылды ҳәм ол «Лучший студент – СНГ -2020» жазыўы түсирилген көкирек нышаны ҳәм I дәрежели Диплом менен сыйлықланды.

Наргиза Балтабаеваны бул үлкен табысы менен шын кеўилден қутлықлаймыз!

Өз гезегинде Наргизанын илимий басшысы , филология илимлериниң докторы, профессор Шәмшетдин аға Абдиназимовты да шәкиртинин бул табысы менен қутлықлап қаламыз!

Инжайым Сейтназарова
ҚМУ ректорының Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси.

Пайдалы дереклер