НАЗМ ЙЎНАЛИШИ
Б) БОЛАЛИКНИ ЭСЛАБ ЁЗИЛГАН ШЕЪР
ТИЛИМ МУЗҒА ЖАБЫСТЫ
Бала жүрек болар аппақ қардайын,
Көп күлердей қылық қылдым ҳәрдайым,
Қанша шохлық қылдым, айтсам таўсылмас,
Бундағы ең қызықлысын айтайын.
Умытылмас бир дүканға барғаным,
Бала болып шалалықты қылғаным,
Зат алыўға кирип кетти әжағам,
Ал, мен болса дәрўазада қалғаным.
Қараңғы түн, қыңырлықты ойлайман,
Қой десе де өжетлигим қоймайман,
Қыс күндеги суўықты да, музды да,
Тыныш турмай шохлығыма жалғайман.
Сол гезинде жән-жағыма қарадым,
Ойлап көрсем, қылған исим шала дым,
Дәрўазаға қатып турған музды мен,
Ойланбастан тилим менен жаладым.
Сәл өтпей-ақ мен тилиме қарасам,
Жабысқан-аў дәрўазаға, сорасаң,
Әри тарттым, бери тарттым алынбас,
Адам да жоқ, аз да жәрдем сорасам.
Сес шығармай жылап турман мөлдиреп,
Тил жабысқан, ушы емес, көбирек,
Тартып алыўға да қатты қорқаман,
Турған жоғ-аў аз да болса илбиреп.
Бир ўақлары ағам шықты дүканнан,
Әри-бери тартып көрди жағамнан,
Тилден бетер үйге айтып берер деп,
Тап сол гезде қорқаман-аў ағамнан.
Тартып қалды услап турып кийимнен,
Алынды деп ол болды ғо сүйинген,
Қатты аўырып жүргенине тилимниң,
(Обалым жоқ, болдым жалғыз күйинген.)
Ашып жүрди тилим соннан еки күн,
Айтпай жүрдим үйиме де тегинин,
Шохлығыма ҳәзир болса күлемен,
Дым билмеппен қорқақлықтың нелигин.
МЕХРИБАН ҚАРТБАЕВА
ҚОРАҚАЛПОҒИСТОН РЕСПУБЛИКАСИ
ҚОРАҚАЛПОҚ ДАВЛАТ УНИВЕРСИТЕТИ ТАЛАБАСИ