Билимлендириў системасында коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың келип шығыўының алдын алыўға бағышланған онлайн семинар Математика, Қурылыс, Экономика, Санаат технологиясы,Архитектура факультетлеринде де болып өтти.
Онда университет ректоры А.Реймов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳуқыкый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими баслығы И.Алдабергенов,Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасы бөлим баслығы Р.Жарылқағанов, Өзбекстан халықаралық Ислм академияси кафедрасы баслығы Д.Махсудов, Юридика факультети «Ҳуқықтаныў» кафедрасы үлкен оқытыўшысы Д.Сапаров,Муҳаммад Ал Беруний атындағы орта арнаўлы Ислам билим дәргайы оқытыўшысы А.Якубов, Юридика факультети «Ҳуқықтаныў» кафедрасы ассистенти Т.Алиевлер Билимлендириў системасында коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша университет басшы хызметкерлери ҳәм профессор-оқытыўшылар алдындында турған ўазыйпалар ҳаққында кең түрде түсиниклер берди.
Соңынан илаж қатнасыўшыларына коррупцияның алдын алыўға қаратылған видеоролик қойып берилди.
Семинарда жоқарыда аты аталған факультетлердиң профессор-оқытыўшылары баянатшылардың пикирлерин толық қоллап-қуўатлап, бул иллетке қарсы биргеликте маўасыз гүресиўимиз тийислигин айтып өтти.
Адилбай Оразов,
Бердақ атындағы ҚМУ Баспасөз хаткери.
