Жақында ғана Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм де «Муҳаммед Юсуп избасарлары» клубы тәрепинен шөлкемлестирилген «Балаларға бериң дүньяны» ураны астында өткерилген таңлаўда Поэзия бағдарында Қарақалпақ мəмлекетлик университетиниң Шет тиллери факультети, Аўдарма теориясы ҳәм әмелияты қәнигелиги 1-курс студенти, университет Ҳаял-қызлар Кеңеси жанындағы «Қызларжан» клубынын белсенди ағзасы, «Китапқумар қызлар» дөгереги жетекшиси, көплеген таңлаўлар жеңимпазы, жас шайыра Меҳрибан Қартбаева Өзбекстан Республикасы көлеминде 1-орынды ийеледи. Бул таңлаўға тийкарынан 1000 нан аслам дөретиўшилер қатнасып, соннан Поэзия бағдарына 543 талабан өз қосықларын тапсырды. Таңлаўдың мақсети – жас шайыр, жазыўшы, журналист хəм художниклерди қоллап-қууатлаў, шығармаларының баспадан шығыўына жəрдем бериў ҳəм оларды усы таңлаў арқалы кең жəмийетшиликке танытыў болып есапланады. Таңлаў нəтийжелерине бола Меҳрибан Қартбаеваның «Тилим музға жабысты» атлы балалықты еслеп жазған қосығы 1-орынға ылайық деп табылды.
Усы жылдың июль айы ақырына шекем жеңимпазларға Диплом хəм естелик саўғалары, сондай-ақ, жеңимпазлардың шығармалары бир китапқа жəмленип, баспадан шығарылып жыл даўамында тапсырылады. Соның менен бирге, таңлаў жеңимпазлары Қазақстан Республикасындағы «Дүние таланттары одағы»на ағзалыққа қабыл етилди.
«Қызларжан» клубымыздың белсенди ағзасы, студент қызларымыз ушын шөлкемлестирилген « Китапқумар қызлар» онлайн дөгерегимиздиң жетекшиси, жас шайыра Меҳрибан Қартбаеваны университет Ҳаял-қызлар Кеңеси атынан бул үлкен табысы менен шын кеўилден қутлықлаймыз!
Инжайым Сейтназарова
Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректорының
Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси