Бүгинги панденемия жағдайда университет студентлериниң саламатлығы ҳәм социаллық аўҳалынан хабардар болыў, оларды ойландырған усыныс ҳәм сораўларға жуўап бериў ҳәм ашық сәўбетлесиў мақсетинде усы жылы 6-август күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры А.Реймов ҳәм ректорат басшылары қатнасында топар сардарлары, факультет жетекшилери, зийрек студентлер менен онлайн ушырасыў өткерилди. Ушырасыў өткериўдеги тийкарғы мақсет, топар сардарлары ҳәм факультет жетекшилери менен ашық сәўбетлесиў арқалы тәлим-тәрбия мәселелери яғный, бос ўақытларын қандай етип нәтийжели өткериўлери, қандай танлаўларда қатнасып атырғанлығы, зийрек студентлерди, сондай-ақ, социаллық қорғаўға мүтәж студентлерди қоллап-қуўатлаў олардың жағдайларынан хабардар болыў болып табылады.
‼️ Zoom арқалы өткен сәўбетлесиў әўелинде университет ректоры А.Реймов кирис сөз сөйлеп, бүгинги жағдайда ҳәр бир студент карантин қағыйдаларына қатаң әмел етиўи, кеселликтен абайлы болыў кереклигин айырықша айтып өтти.
✔️Ректор студент-жасларға бос ўақытларын үнемли пайдаланып өз үстинде көбирек излениўлери, университет тәрепинен жәрияланып атырган таңлаўларда белсене қатнасыўын, ҳәр қандай усыныс-пикирлерин ҳәм басламаларын факультетиндеги устазлары ҳәм жетекшилери менен пикирлесип барыўларын айтып өтти. Бунда әлбетте топар сәрдарлары қалған студентлерге жетекшилик етип, олар менен сәўбетте болыў кереклигин айырықша атап өтти.
? Ашық сәўбет тәризинде өткерилген ушырасыў даўамында жаңа оқыў жылының басланыўы, университетте алып барылып атырған ислер, жаратылып атырған имканиятлар ҳақкында тоқталып өтилди. Сондай-ақ, студентлерди қыйнап атырған машқалалар бойынша билдирилген пикир ҳәм усынысларға анық жуўаплар берилди.
? Еслетип өтемиз: усындай ушырасыўлар белгиленген кесте тийкарында барлық факультетлерде сәрдарлар менен өткериледи.
