Быйылғы тест сынақлары, жаңа окыў жылына киргизилип атырған өзгерислер, аралықтан оқыў, жаңа кредит-модул системасы ҳаққында ҚМУ ректоры А.Реймов Өзбекстан телеканалына интервью берди. Ректор А.Реймов быйылғы тест сынақлары пандемияға байланыслы ашық аспан астында, яғный Нөкис спорт стадионларында барлық санитария гигиена талапларына жуўап берген тәризде әмелге асырылатуғыны ҳаққында айтып өтти. Быйылғы гүзги семестрдиң оқыў ис-режелери ҳәм 1200 ден артық пәнлер электрон платформаға өткерилди. Онда пәнлердиң өтилиў басқышлары, теманың максет-ўазыйпалары, сораў-жуўаплар, тестлер электрон формада студентлерге инам етиледи. Биология-химия пәнлериниң илимий лабароториялық жумыслары видео-сабаклар жәрдеминде алып барылады. Узақ районларда жасап атырган студентлердиң интернет тармағының тезлигинде азы кем машқала болганлықтан анық пәнлердиң темалары электрон формада дисклерге түсириледи ҳәм оларға тарқатылады. Қарақалпақстан телеканылы арқалы социал гуманитар пәнлер эфирге узатылады.
Сондай-ак, физика-математика факультети функционал анализ, алгебра ҳәм геометрия кафедрасы ассистенти Абат Сейдуллаев «Аналитикалық геометрия пәнинен 2-тәртипли бетликлер» темасын электрон формада корсетти.
