Усы жылдыӊ 18-август сәнесиде ҚМУдын руӯхый-ағартыӯшылық бөлиминиӊ мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигинин 29 жыллығына бағышланып «Руӯхыйлық инсанныӊ улғайыӯында күш-қүдирет дереги» атамасында Zoom видео-конференция болып өтти.
Видео-конференцияны Өзбекстан Республикасы Руӯхыйлық ҳәм ағартыӯшылық орайы Қарақалпақстан бөлими баслығы Қ.Юсупов басқарып барды. Оны өткериӯдеги тийкарғы мақсет 2020-жылы «Илим, мәрийпат ҳәм санлы экономиканы раӯажландырыӯ жылы»нда әмелге асырылыӯына тийкарланып Арал бойында жасаӯшы халықтыӊ руӯхый ҳәм ағартыӯшылық қатнасларды раӯажландырыӯ, жаслар арасында миллий үрп-әдет, тарийхый ҳәм мәдений мийрасты асырап абайлаӯды үгит-нәсиятлаӯдан ибарат.
Онда республикалық Руӯхый ҳәм ағартыӯшылық орайы баслығы, сенатор М.Ҳошиматов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер кабинети жанындағы Миллетлер ара қатнасықлар ҳәм сырт ел мәмлекетлери менен дослық байланыслар комитети баслығы Р.Қурбанов, Қаракалпақстан Республикасы миллий мәдений орайлары, университеттиӊ оқытыӯшылары миллетлер ара татыӯлықты беккемлеӯде әсиресе, жаслар арасында руӯхый ағартыӯшылық мәселелери ҳаққында үгит-нәсият жумысларын алып барыӯ ҳаққында өз-ара пикир алмасты.
Соӊында талантлы жас бақсы-жыраӯлар миллий дәстанлардан үзиндилер атқарып берди