Усы жылдың апрель айында Россия федерациясы «Илимий ойлар орайы» тәрепинен шөлкемлестирилген V Халыкаралық илимий-әмелий конференциясының «Ҳәзирги заман илим ҳәм инновациясы» атамасындағы таңлаӯ болып өтти. Онда тарийх факультети «Социаллық пәнлер» кафедрасының доценти Хатира Камалова сыйлы биринши орынды ийеледи. Бул таңлаӯда Х.Камалованың «Ѳзбекстанда гендер сиясатының ҳәзирги жағдайы» атамасындағы илимий мақаласы басып шығарылды. Онда Ѳзбекстандағы гендер сиясатының түсиниги, мәнис-мазмуны ҳәм ҳәзирги замандағы машқалалар сәӯлеленген. Бул таңлаӯда көплеген раӯажланған мәмлекетлердиң профессор-оқытыӯшыларының илимий мақалалары басып шығарылады, усылар ишинде университетимиз профессор-оқытыўшысы Х.Камаловаға бириншилик несип еткенинен қуӯанышлымыз.