Университетимиз билимлендириӯ тараӯында күн сайын жаӊалықларға толы болмақта. Президентимиз Ш.Мирзиёевтиӊ «Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниӊ 29 жыллық мүнәсебети менен пән, тәлим, адебият, мәденият, санаат ҳәм ғалаба хабар қураллары тараӯлары хызметкерлериниӊ бир топарын сыйлықлаӯ ҳаққында»ғы қарары тийкарында физика-математика илимлери кандидаты, профессор Абдикамалов Бахтияр Абдиразақович «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен жаслар устазы» ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.
Б.Абдикамалов усы дәӯирге шекем көплеген салмақлы табысларга еристи. 2002-жылы «Меҳнат шуҳрати» ордени менен сыйлықланды. Оныӊ «Әлемниӊ дүзилиӯи ҳәм раӯажланыӯы», «Әлем дүзилиӯиниӊ ҳәзирги заман теориялары, гравитациялық толқынлар ҳәм олардыӊ регистрацияланыӯы» ҳәм интернет тармағында жайластырылған «Гравитация толқынларыныӊ ашылыӯы» макалалары көпшиликти қызықтырды. Оныӊ басшылығында кафедра оқытыӯшылары менен биргеликте «Оптика ҳәм атом физикасы бойынша лабаротория жумыслары»(2016ж), «Водород атомыныӊ квант теориясы»(2015ж), «Механика курсы бойынша лаборотория жумыслары» (2014ж), «Оптика ҳәм атом физикасы бойынша лаборотория жумыслары» (Ташкент, 2017ж), «Физика илиминиӊ тарийхы ҳәм хронологиясы»(2019ж) оқыӯ-методикалық колланбалары, «Атом физикасы»(2020ж)оқыӯ қолланбасы баспадан шығарылды. Сондай-ақ, Б.Абдикамалов тәрепинен университетимиздиӊ ен дәслепки интернет тармағында профессор-оқытыӯшыларынымыздыӊ, сондай-ақ, академиялык-лицейлер, кәсип-өнер колледжлери оқытыӯшыларыныӊ тема текстлери ҳәм басқа оқыӯ сабақлықларынан ибарат электрон китапханалары жаратылған.
Ол белгили илимпазлар А.Эйнштейн, С.Хокинниӊ макала ҳам китапларын қаракалпақ тилине аӯдармалаған. Ол Ал-Беруний, классик шайыр-жазыӯшылар Бердақ, Әжинияз, И.Юсупов, Т.Кайыпбергенов, дүнья жүзине белгили классиклер Шекспир, А.С.Пушкин, М.Шолохов, Мақтумқулы, Н.В.Гогольдиӊ дөретпелерин ҳәм «Өзбекше-русша», «Русша-қарақалпақша» сөзликлериниӊ электрон версияларын жаратып, өзиниӊ интернет тармағына жайластырған.
Ҳәзирги күнде Б.Абдикамалов мәмлекетлик грант тийкарында ярымөткизгишлер менен биргеликте физикакны оқытыӯ методикасы бойынша кеӊ көлемли илимий жумыслар ислемекте. Университеимиз көлеминде емес, ал, республикамызга белгили устаз-профессорымызды ерискен табысы менен қутлықлаймыз.