Университет студентлери арасында «Художник устаханасында мийманда» онлайн таңлаўын жәриялайды!

Усы жылдыӊ 15-октябрь күнине шекем Өзбекстан Көркем-өнер академиясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5 басламасы ис-илажлары көлеминде «Үйде қалың ҳәм дөретиўшилик етиң»  ураны астында унверситет студентлери арасында «Художник устаханасында мийманда» онлайн таңлаўын жәриялайды.

Таңлаў шәртлери:

Онлайн таңлаў еркин темада өткериледи. Дөретиўшилик жумысларда Өзбекстан мәденияты ҳәм көркем-өнери, үрп әдет ҳәм қәдириятлары, сондай-ақ, Ғәрезсизлик жылларында қолға киргизген табыслар ҳ.т.б сәўлеленген болыўлары шәрт.

Таңлаўда қәнийге факультетлердеги студентлер қатнаспайды.

Таңлаў қатнасыўшылары төмендеги номинацияларда баҳаланады;

– Ең жақсы идея авторы

– Ең жақсы сүўретленген шыгарма

– Ең жақсы графика шығарма

– Ең жақсы әмелий көркем-өнер шыгарма

– Ең креатив ролик авторы

Онлайн таңлаўда қатнасыўды қәлеўшилер өз дөретиўшилик мийнетлерин усы жылдың 15-октябрь күнине шекем (998)973303273 телеграм номерине жоллаўы тийис.

Жоллаў тәртиби төмендегише: 

Таңлаў қатнасыўшының 3/4 фото сүўрети, Ф.И.О, оқыў орны аты, телефон номери көрсетилген болыўы шәрт.

Онлайн таңлаўда қатнасып жеңимпаз болған студентлер Шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм сертификатлар менен сыйлықланады.                                                                                                                                                                                       

 

                                   

Мағлыўмат ушын телефон номер: 90 652 00 84

Пайдалы дереклер