Усы жылдыӊ 15-октябрь күнине шекем Өзбекстан Көркем-өнер академиясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 5 басламасы ис-илажлары көлеминде «Үйде қалың ҳәм дөретиўшилик етиң» ураны астында унверситет студентлери арасында «Художник устаханасында мийманда» онлайн таңлаўын жәриялайды.
Таңлаў шәртлери:
Онлайн таңлаў еркин темада өткериледи. Дөретиўшилик жумысларда Өзбекстан мәденияты ҳәм көркем-өнери, үрп әдет ҳәм қәдириятлары, сондай-ақ, Ғәрезсизлик жылларында қолға киргизген табыслар ҳ.т.б сәўлеленген болыўлары шәрт.
Таңлаўда қәнийге факультетлердеги студентлер қатнаспайды.
Таңлаў қатнасыўшылары төмендеги номинацияларда баҳаланады;
– Ең жақсы идея авторы
– Ең жақсы сүўретленген шыгарма
– Ең жақсы графика шығарма
– Ең жақсы әмелий көркем-өнер шыгарма
– Ең креатив ролик авторы
Онлайн таңлаўда қатнасыўды қәлеўшилер өз дөретиўшилик мийнетлерин усы жылдың 15-октябрь күнине шекем (998)973303273 телеграм номерине жоллаўы тийис.
Жоллаў тәртиби төмендегише:
Таңлаў қатнасыўшының 3/4 фото сүўрети, Ф.И.О, оқыў орны аты, телефон номери көрсетилген болыўы шәрт.
Онлайн таңлаўда қатнасып жеңимпаз болған студентлер Шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм сертификатлар менен сыйлықланады.
Мағлыўмат ушын телефон номер: 90 652 00 84