11-классты ямаса колледжди питкерген, кеминде улыўма орта билимге ийе болған пуқаралар «КҮНДИЗГИ» ҳәм «СЫРТҚЫ» билимлендириў формаларына мәмлекетлик буйыртпа ҳәм төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыл етиледи.
?Оқыў мүддети 2 жыл.
???Техникумды табыслы тамамлаған питкериўшилер оқыған бағдарына сәйкес келетуғын бакалавриат билимлендириў бағдарлары бойынша кириў имтиханларысыз, жеке тәртиптеги сәўбет арқалы жоқары оқыў орынларында 2-курстан оқыўын даўам еттириў ҳуқықына ийе болады.
? 2020-2021 оқыў жылы ушын төмендеги бағдарлар бойынша күндизги ҳәм сыртқы билимлендириў түрлери бойынша оқыўға мирәт етемиз.
♻️✅ Бухгалтериялық есап ҳәм аудит
♻️✅ Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў
♻️✅ Гидротехник қурылысы (түрлери бойынша)
♻️✅ Нефть ҳәм газ қудықларын бурғылаў
♻️✅ Технологиялық машиналар ҳәм үскенелер (тармақлар бойынша)
? Техникумларға texnikum.edu.uz электрон платформасы арқалы абитуриентлердиң ҳүжжетлерин қабыллаў шөлкемлестирилди.
Ҳүжжетлерди қабыллаў 2020-жыл 25-августтан 25-сентябрьге шекем даўам етеди.
Техникумларға электрон платформа арқалы төменде көрсетилген ҳужжетлер қабыл етиледи:
1️⃣Электрон арза;
2️⃣ Улыўма билим бериў мектебиниң 11-класын питкергенлигин тастыйықлаўшы аттестаттың (электрон) нусқасы ямаса орта арнаўлы, кәсип-өнер оқыў орнын питкергенлиги ҳаққында диплом (электрон);
3️⃣
3×4 фотосүўрет.
?Техникумларда оқыў кәсиплер ҳәм қәнигеликлердиң қурамалылығынан келип шыққан ҳалда 2 жылдан кем болмаған мүддетте мәмлекетлик буйыртпа ҳәм төлемли шәртнама тийкарында әмелге асырылады.
?Мәнзил: Қоңырат районы, Раўшан гузары номерсиз жай. «Қоңырат санаат техникумы»
Мүрәжәәт ушын телефонлар:
☎️ 95 601-40-82
? 99 454-85-18
? 91 256-33-22
? 93 771-82-22