Бүгин, 12-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қурылыс факультетине 1-курсқа қабыл етилген студентлер менен танысыў сабақлары басланды.
Танысыў сабақлары белгиленген сабақ кестеси тийкарында шөлкемлестирилип, бүгин 3 қәнигелик бойынша 12 топарда дәстүрий оқыў формасында басланған сабақлар карантин талапларға толық әмел етген тәртипте алып барылды.
Танысыў сабақларында факультет деканы Т.Узақов, 1-курсқа қабыл етилген студентлерге факультет ҳаққында мағлыўматлар берип, сабақ кестеси, сабақ беретуғын профессор-оқытыўшылар менен таныстырды. Керекли сабақлықлар ҳәм пайдаланатуғын әдебиятлар ҳаққында, сондай-ақ тийкарғы қағыйдалар, кредит-модул системасында оқыў тәртиплери толық түсиндирилди.
Жаслар менен ислесиў бойынша
декан орынбасары С.Нурниязов
