2020-2021-оқыў жылындағы 1-курс студентлериниң дәстүрий тәризде оқыўын баслап алды.

Ҳәр бир инсан мектеп дәўирлеринде оқып жүрген пайтларынан баслап-ақ, студент болыўды арзыў етеди. Студентлик бахтына ерисиў ушын тынымсыз ҳәрекет етеди. Ҳәр жылы сентярь айы келиўинен баслап, жоқары оқыў орынлары студентлер менен толы болар еди. Бирақ, дегенмен быйыл елимизде пандемия шараяты болыўына байланыслы жоқары оқыў орынлары студентлери оқыўын онлайн режимде баслаўға туўра келди. Өз устазларынан модель хәм зоом платформалары арқалы билимин жетилистирип бармақта. Бирақ, университет босағасына енди қәдем қойған студентлер өз оқыўын усы жылдың 12-октябрь сәнесинен баслап, карантин қағыйдаларын әмел еткен ҳалда дәстүрий тәризде баслап алды.

Пайдалы дереклер