Хабарыңыз бар, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң 2020-жыл 26-сентябрьдеги 500-сан буйрығы менен тастыйықланған «Жол картасы»ның 5-бәндинде Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги басқармалар, бөлимлер ҳәм жоқары оқыў орынларында тәжирийбели қәнигелер, алымлар, экспертлерди қамтып алған ҳалда Өзбекстан Республикасының «Билимлендириў ҳаққында» 2020-жыл 23-сентябрьдеги ЎРҚ-635-санлы нызамы оқып үйренилиўин шөлкемлестириў ўазыйпасы белгиленген еди.
Усы мүнәсибет пенен усы жылдың 14-октябрь күни саат 11:00 де ZOOM платформасы арқалы жаслар менен ислесиў бойынша проректор(директор орынбасар)лар ҳәм тийисли бөлим баслықларының қатнасыўында видео ушырасыў шөлкемлестирилди. Онда Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Руўхый-ағартыўшылық тәрбия басқармасы баслығы О.Базаров, Өзбекстан Республикасы Адлия министрлиги жуўапкер хызметкери А.Абдушерозов, Өзбекстан Республикасы Нызамшылық палатасы Халық-аралық ислер ҳәм парламентлераралық ислер комитети ағзасы, Нызамшылық палатасы Жаслар мәселелери комиссиясы баслығы А.Асланов, оқыў орынларының жуўапкерлери ҳәм бир қатар белсенди жаслар қатнасты.
Видео ушырасыўды Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Руўхый-ағартыўшылық тәрбия басқармасы баслығы О.Базаров кирис сөз бенен ашып берди ҳәм алып барды. Видео сәўбетте баянатшылар «Билимлендириў ҳаққында»ғы ЎРҚ-635-санлы нызамының мазмун-мәниси, «Жаслар парламенти»ниң мақсет ҳәм ўазыйпалары, жаслар өмириндеги тутқан орны атамасындағы баянатлары менен қатнасты. Ушырасыў қатнасыўшылары тәрепинен күн тәртибиндеги мәселелер додаланды ҳәм бул бойынша пикир ҳәм усыныслар тыңланды. Университетимиз басшылары ҳәм «Жаслар парламенти»не сайланған университетимиздиң 7 студенти белсене қатнасып өз пикирлерин билдирип өтти.
Гоззал Жалгасова
Санаат-технологиясы факультети студенти



