Кѳптен күткен күнлер келди.

Бүгин математика факультетинде 2020-2021 оқыў жылы ушын мәмлекетлик тест орайы тәрепинен тест сынақлары нәтийжелери тийкарында 1-курсқа студентликке усыныс етилген абитуриентлерге танысыў сабақлары кѳтериңки руўхта ѳткерилди. Факультетимиз профессор-оқытыўшылары студентлерге «Ғәрезсизлик сабақларын», «Университет ишки тәртип қағыйда»ларын арнаўлы материаллар ҳәмде ѳзлериниң ис-тәжирийбелеринен келип шығып оларды керекли болған мағлыўматлар менен таныстырды.
Пүткил дүнья жүзине тынышсызлық салған бул сынақлы күнлерде студент-жасларымыз карантин қағыйдаларына толық бойсынып, пандемия шараятында керекли болған билим, кѳнликпе ҳәм уқыплылықларды ийелеўи, келешекте таңлаған кәсиби бойынша маман кадрлар болып жетилисиўи ушын министрликлер ҳәм университетимиз жәмәәти тәрепинен билим алыўлары ушын жаратылған платформалар, социаллық тармақлар ҳәмде электрон ресурслардан пайдалыў мүмкиншиликлериниң жаратылғанлығы, олардан пайдаланыў бойынша кѳрсетпелер берилди.

Пайдалы дереклер