Университетимизде 1-курс студентлери ушын дәстүрий сабақ басланды

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Экономика факультетинде 1-курсқа қабыл етилген студентлерге 12-октябрь күнинен баслап танысыў сабақлары басланып даўам етпекте. Танысыў сабақларында университетиң басқарыў системасы, факультет деканы, декан орынбасарлары, кафедра баслықлары, топар басшыларын, профессор-оқытыўшылар менен таныстырылды. Соның менен бирге топар басшылары студентлердиң имканиятлары, төлемли шәртнама тийкарында оқып атырған студентлер ушын ажыратылған жеңилликлер, студентлердин сабақтан тысқары бос ўақытларын масзмунлы өткериў бойынша университетде шөлкемлестирилген дөгереклер ҳаққында мағлыўматлар берип өтти. Сондайақ кредит модул системасы,  сабақ кестеси,  moodul ситстемасы ҳәм “ZOOM” программалары хақкында түсиник берилди. Танысыў сабақлары карантин қағыйдаларына әмел қылынған ҳалда өтилди.   

Пайдалы дереклер