Усы жылдың 16-октябрь күни ZOOM платформасы арқалы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2020-жыл 6-октябрьдеги 520-санлы буйрығының шара-илажлар режесиниң 13 бәнди орынланыўы жүзесинен «Өзбекстан – улыўма үйимиз» ураны астында билимлендириў басқа тилде алып барылатуғын мәмлекетлик билимлендириў мекемелеринде оқып атырған студентлер ҳәмде мәмлекетимизде жасап атырған бәрше миллет ҳәм елатлардың тиллерин раўажландырыў бойынша жаратылып атырған шәраят ҳәм имканиятларды үгит-нәсиятлаўшы дослық мәденият онлайн фестивалы өткерилди. Онда Ресрубликамызда өз искерлигин алып барып атырған барлық жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, илим ҳәм дөретиўшилик пенен шуғылланып атырған белсенди жаслар қатнасты.
Илажды Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигинен М.Ботиров кирис сөз бенен ашып берди ҳәм алып барды. Ол өз сөзинде мәмлекетимиздеги миллетлер аралық татыўлық ҳәм диний баўырыкеңлик принциплерине тийкарланған реформалардың алып барылыўы ҳәм бул бойынша исленип атырған жумысларға кеңнен тоқталып өтти. Сондай-ақ, жақынласып қалған 21-октябрь – «Өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн» менен ушырасыў қатнасыўшыларын қызғын қутлықлап, байрам тилеклерин билдирди. Видеоконференцияда өзбек, қарақалпақ, рус, корейс, түркмен, қырғыз ҳәм басқа да миллет ўәкиллери болған профессор-оқытыўшылар ҳәм студент жаслар шығып сөйлеп, тилимиздиң турмысымызда тутқан орны, әҳмийети ҳаққындағы пикирлери менен бөлисти. Баянатшылар тилимизди еле де раўажландырыў, пайдаланыўдан шыққан сөзлерди қайта турмысқа енгизиў, оны келешек әўладқа сап-таза ҳалда жеткерип бериў мәселелерине айрықша тоқталып өтти. Бунда болса ЖОО ларының роли әҳмийетли. Баянатшылардан корейс миллетиниң ўәкили, Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университетиниң 4-курс студенти Ким Диананың «Өзбек тилин билиў – ҳар бир Өзбекстан пухарасының буршы» атамасындағы баянаты ушырасыў қатнасыўшыларының алғысына мияссар болды.
Мәмлекетлик тил байрамын жоқары кейпиятта белгилеў ушын Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң де бир қатар студентлери белсене қатнасты. Атап айтқанда, университеттиң 1-курс студенти У.Садырниязова өзиниң «Қарақалпақта» қосығы менен, Т.Жуманиязов «Едиге» дәстанынан үзиндилер ҳәм басқа да музыкалы композициялар конференция қатнасыўшыларына ҳақыйқый байрам кейпиятын үлесе алды.
Гоззал Жалгасова
ҚМУ, Санаат технологиясы факультети студенти


