Экономика факультетинде 1-курс студентлери менен танысыў сабақлары өткерилиў менен бирге «Экстремизм, терроризм ҳәм оның кери ақыбетлери, оннан жасларды сақлайық! Жаслар арасында хуқуқбузарлықлар профилактикасы ҳәм жинаятшылықтың алдын алыў ҳәмде адам саўдасына қарсы гүресиў-бәршениң ўазипасы» темаларында ушрасыў өткерилди. Ушырасыўға Нөкис КИИО ЖМБ аға подполковниги Сатбай Пирманов ҳәм Нөкис КИИО ЖМБ №3-санлы ИИБ профилактикасы инспекторы капитан Аллаяр Төрениязовлар қатнасып 1-курс студент жасларына баянат жасады. Ушырасыў даўамында студент жаслар өзлериниң сораўларына жуўаплар алды.
Декан орынбасары: Нурманов Қаржаўбай