2020-жыл 23-октябрь күни саат 10-00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы PhD. 03/30.12.2019.Tar.20.05 санлы Илимий кеңеси қасындағы 07.00.01 – Өзбекстан тарийхы қәнигелиги бойынша Илимий семинар мәжилиси университеттиң руўхыйлық залының бас студия орайында онлайн түрде өткериледи.
Мәжилисте Үргениш мәмлекетлик университети докторанты Атаева Дильфуза Пулатовнаның «Хорезм ўәлаяты ҳаял-қызларының жәмийет социаллық-экономикалық ҳәм мәдений турмысындағы орны (1991 – 2018 жыллар» деген темадағы 07.00.01 – Өзбекстан тарийхы қәнигелиги бойынша тарийх илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын таярланған диссертациясының талқылаўы болып өтеди.