Ең әўеле инсан саламатлық турмыс дегенде нени түсинеди? Әлбетте, биринши нәўбетте шахстың саламатлығы беккем, денсаўлығы жақсы, ол бәрше нәрселерге итибарлы ҳәм оған әмел етеди. Бул факторлар оның саламатлығы ушын күтә әҳмийетли, бәршемиз саламат турмыс тәризи тәрепдарлары болып жасаўымыз, өмир кешириўимиз, ақылый пүтин, тетик болыўымыз шәрт ҳәм оны әмелде қолланыўымыз керек. Бир ўақытлары өзимиздиң саламатлығымызды естен шығарып, оны өмирде екинши орынға қойсақ, биз үлкен қәтеге жол қойған боламыз. Себеби, инсанның саламатлығы, денсаўлығы жоқары болмаса, ол алдына қойған мақсетлерине жетиўи бираз қыйынласады ҳәм өмирде өз орнын табыўға имканиятты жоқ етиўи итималы жүдә күшли. Эгер де биз саламат болсақ, жумысларымызды реже бойынша әмелге асырсақ, жоқарыдағы пикирлерди бийкарлай аламыз. Ўақтында аўқатланыў, жақсы дем алыў, өзимизди еркин қустай сезиниўимиз, шыпакерлер көригинен тез-тезден өтиўимиз, зыянлы нәрселерди бираз шетке сүриўимиз, саламатлығымыздың беккем болыўына имканият жаратады.
Инсанның саламатлығын мен тамшы суўына мегзетемен. Көз алдымызға келтирейик. Әсте даўыс шығарып турған суў тамшылары қулағымыз астында еситилип турады. Ол тамшылар бир күн келип жоқ болыўы мүмкин. Яғный бизлердиң жасымыздың тез пәт бенен, суўдың тамшыларындай жоқ болыўы, егер де жоқарыдағы мәсләҳәтлер менен жумыс алып бармасақ, шуғылланбасақ ўақтында денсаўлығымызға итибарлы болмасақ, әсте ғана сөнип баслаймыз ҳәм сол ўақытта “Әттең” деп өзимизди жоқ етип қойыўымыз мүмкин. Әлбетте, буны ўақтында аңлап жетиўимиз, денсаўлықтың қәдирин ҳәмме нәрседен үстин қойыўымыз, оны ҳешнәрсеге алмастырмаўымыз керек. Ол бизлердиң табылмас байлығымыз, оны жүрек төримизде сақлайық.
Әзиз дослар! Бул нәрселердиң маған не кереги бар өзи? – Деп, ойлаўымыз, қыял сүриўимиз мүмкин. Ойланбай айтылған пикиримиз ертең өзимиздиң басымызға суўық болып түспесин деймен. Оны жылытыўдың жолы, тек ғана саламат турмыс тәризине ҳәр ўақытта әмел етиўимиз керек. Ақыры биз саналы адамлармыз – ғой. Ақылымыз пүтин, денсаўлығымыз беккем, жаслық жигерге толып тасқан, лаўлап турған оттай, имунитетимиз жоқары – “Саламат турмыс тәризи тәрепдарларымыз!”
Азизбек Дабылов,
ҚМУдың Қарақалпақ филологиясы
ҳәм журналистика факультетиниң
2-курс студенти