2020-жыл 23-октябрь күни саат 10 00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы PhD. 03/30.12.2019.Tar.20.05 санлы Илимий кеңеси қасындағы 07.00.01 – Өзбекстан тарийхы қәнигелиги бойынша Илимий семинар мәжилиси университеттиң руўхыйлық залының бас студия орайында онлайн түрде өткериледи.
Мәжилисте Үргениш мәмлекетлик университети докторанты Маткаримов Хамидбек Олимбаевичтиң «Хорезм оазисинде археологиялық изертлеўлер тарийхы (әййемги дәўирге тийисли тарийхый реконструкция машқалалары)» деген темадағы 07.00.01 – Өзбекстан тарийхы қәнигелиги бойынша тарийх илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын таярланған диссертациясының талқылаўы болып өтеди.