Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети доценти, философия илимлери кандидаты, белгили философ алым Алимбетов Юсупбай дүньядан ѳтти. университети профессор-оқытыӯшылар жәмәәти, алым ҳәм илимпазлар, студент-жаслар устазымыз Юсупбай Алимбетов қайтыс болыўы себеп терең қайғыра отырып, марҳумның шаңарақ ағзаларына, ағайин-туӯысқанларына кеўил билдиремиз.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети социаллық пәнлер кафедрасы доценти, философия илимлери кандидаты, белгили философ алым Алимбетов Юсупбай 74 жасында қайтыс болды.
Ол 1946-жылы Шымбай районында туўылған. 1968-жылы Қазақ мәмлекетлик университетин питкерген. 1968 жылдан Қарақалпақ Мәмлекетлик педагогикалық институтында, соң ала оның университетке айланыўы менен Қарақалпақ Мәмлекетлик университетинде ассистент, үлкен оқытыўшы, доцент лаўазымларында ис алып барды.
1973-1977 жыллар аралығында бурынғы Аўқам Илимлер Академиясы философия институтының аспирантурасында тәлим алды. «Турмыс образында миллийлик ҳәм улыўма-инсаныйлықтың өз-ара тәсири» темасындағы илмий жумысты қорғап, философия илимлеринин кандидаты илмий дәрежесине ийе болды.
Доцент Ю. Алимбетов университет кѳлеминде философия, миллий ғәрезсизлик идеясы, философия қәнигелигинде философияның улыўма теориялық мәселелери (онтология, гносеология, раўажланыў концепциясы), қәдириятлар философиясы, социаллық философия, философияда адам проблемасы, ҳәм т.б. пәнлеринен лекция ҳәм семинар сабақларды алып барды.
Ю.Алимбетов тәжрийбели устаз ҳәм өз үстинде мудамы ислеп жүретуғын, өз кәсибине садық ҳәм оның жанкүйери сыпатында студентлер ҳәм профессор-оқытыўшылар жәмәәтинде ҳүрметке ийе болды.
Ол тез-тезден илимий, илимий-педагогикалық жумыслар жазыў ҳәм оларды баспадан шығарыў менен шуғылланып келди. Ю.Алимбетов «Мәденият», «Турмыс образы», «Жәмийеттиң руўхый турмысы», «Социаллық философия жәмийетти билиўдиң теориясы ҳәм методологиясы», «Миллий идеяның улыўма инсаный принциплери», «Жәмийет система сыпатында» атлы оқыў, оқыў-методикалық қураллардың авторы. Булардан басқа Ю. Алимбетовтың илимий журналларда, республикалық, халықаралық көлемдеги илимий-теориялық, илимий-практикалық конференциялар материалларында көплеген мақалалары басылған.
Оның илимий жумысларының ишинде қарақалпақ халқы фольклоры, жазба әдебияты ҳәм социаллық-философиялық қатнаслар кесиспесинде исленген мийнетлери кеңнен белгили.
Ю.Алимбетов педагогикалық ҳәм илмий искерлик пенен биргеликте, шебер көркем әдебий дѳретиўши инсан сыпатында да белгили еди. Ол республика газета ҳәм журналларында өзиниң гүрриң ҳәм повестлери кеңнен танылды. Жазыўшы сыпатында оның «Перзенттиң әжели» романы, «Жолда», «Жүректе қалған из» гүрриңлер ҳәм повестлер жыйнағы баспа көрди.
Ю.Алимбетов университет, республика көлеминде руўхый-ағартыўшылық жумысларына жедел қатнасып келди: елимиздиң ишки ҳәм сыртқы сиясаты ҳәм олардың әмелге асырылыўы бойынша лекциялар оқыды, түсиндириўлер алып барады, әсиресе студентлер, магистрлер арасында күнниң актуаль мәселелери бойынша пикир алысыўлар шөлкемлестиретуғын еди.
Юсупбай Алимбетов ҳәмийше шәгиртлери ҳәм кәсиплеслери ядында өз кәсиби бойынша терең билимли, талапшаң устаз, ѳз исиниң пидайысы, ҳақ кеўил, кишипейил инсан сыпатында қалады.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректораты,
Тарийх факультети деканаты,
«социаллық пәнлер» кафедрасы.