«МЕН ТАҢЛАҒАН БИЛИМ ДӘРГАЙЫ»

Билимлилердиң ишинен билимли болып топты жарып шығып, жоқары оқыӯ орнының студенти болыӯ ҳәммеге де несип етпейди.
Усы жылдың 23-октябрь күни ZOOM платформасы арқалы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жаңа оқыӯ жылында 1-курсқа қабыл етилген студент жасларға «Студентлик гүӯалығы»н ҳәм «Гилти»н тапсырыӯ кешеси болып өтти.
Салтанатлы кешени университет ректоры А.Реймов ашып берип, ол өз сөзинде, 1-курсқа қабыл етилген студент жасларды қутлықлап, оларға оқыӯ орнының ишки имканиятлары ҳаққында кең түрде мағлыӯмат берди ҳәм алдағы оқыӯларында тасқын табыслар тиледи. Оннан соң сөзге шыққан университеттиң профессор-оқытыӯшылары да олардың усы оқыӯ орнынан терең билим алып келешекте ҳәр тәреплеме жетик, кәмил инсанлар болып жәмийетке араласыӯына исеним билдирди.
Илаж көркем-өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен даӯам етти.

Пайдалы дереклер