ПРЕЗИДЕНТ ПӘРМАНЫ ЖОЙБАРЫ ДОДАЛАНДЫ

26-октябрь 2020-жылы Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика, Санаат технологиясы факультети профессор-оқытыўшылары, Нөкис қаласы 33-мектеп жәмәәти, «Курылысшы» МПЖ аймағы турғынлары қатнасыўында Президентимиз Ш.Мирзиёевтың  Мәмлекетимизде тәлим-тәрбия системасын жәнеде раўажландырыў, илим-пән тараўын жетилистириўге байланыслы қосымша ис-илажлар, Президент пәрманы жойбарын жыйналғанларға түсиндириў, пикир – усынысларды үйрениў мақсетинде илаж болып өтти.

Илажды 33-мектеп директоры С.Иниятова алып барды. Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети деканы Қ.Турдыбаев, усы факультеттиң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары З.Жуманов. Санаат технологиясы факультети деканы Р.Қурбаниязов, усы факультеттиң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Ш.Мусиров. Қарақалпақ әдабияты кафедрасы доценти Ж.Сагидуллаева, Санаат технологиясы кафедрасы ассистенти Ғ.Алланиязов. 33-мектеп жәмәәти, «Қурылысшы» МПЖ  баслығы А.Нызамов, «Курылысшы» МПЖ баслығының абаданластырыў ҳәм тармақ ислери бойынша орынбасары М.Қиличов ҳәм жергиликли аймақ турғынлары қатнасты.

Президент пәрманының жойбарын қарақалпақ әдебияты кафедрасы доценти Ж.Сагидуллаева жыйналғанларға кеңирек түсиндирип берди. Буннан соң Санаат технологиясы кафедрасы ассистент оқытыўшысы Ғ.Алланиязов даўам етип ушырасыў қатнасыўшыларының сораўларына жуўаплар берилди.

Жыйналғанлардың Президент пәрманы жойбары ушын пикир усыныслар жазып алынды ҳәм ушырасыў тәсирлерге бай болды.

 

Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетти

 жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Зәрипбай Жуманов

 

Пайдалы дереклер