Қарақалпақстанлы илимпаз өсимликлердиң зүрәәтлилигин асырыўшы стимулятор жаратты ҳәм патент алды

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекет университетинде бүгинги күнде 7 патент (соннан 1 халық аралық ҳәм 6 республика дәрежесиндеги патент) ҳәм де ҳәр қыйлы дәстүрий өнимлер ушын 35 гуўалықлар қолға киритилген болып, усылардан бири университеттиң химия-технология факультети “Органикалық ҳәм органикалық емес химия” кафедрасы доценти Зулфия Джуманазарова тәрепинен аўыл хожалығы егинлерин өсириўши ҳәм өнимдарлықты асырыўшы пайдалы стимуляторды ойлап тапқанлығы ушын алынған патент айрықша итибарға ылайық есапланады.

          Жаратылған бул стимулятордан аўыл хожалығы егинлеринен пахта, ғәлле ҳәм басқа да палыз өнимлериниң тез писип жетилисиўинде ҳәмде  өнимдарлықты асырыўда пайдаланыў мүмкин. Усы ойлап табылған жаӊалықтыӊ тағы бир абзаллығы сонда, тиккелей жоқарыдағы сыяқлы палыз егинлеринен өз ўақтында жоқары өнимдарлықты алыў ушын бул стимулятор кең имканиятларды жаратып береди.

        

 

Пайдалы дереклер