Пандемия шараятында халықаралық онлайн сабақ шөлкемлестирилди

Усы жылдың 7-ноябрь күни Халықаралық бирге ислесиўди жетилистириў мақсетинде Қазақстан миллий аграр университетиниң доценти, экономика илимлери бойынша философия докторы (PhD) Исмайлова Айгул ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң экономика факультети 2-курс “Экономика” ҳәм “Туризм” топарлары студентлери қатнасында «Макроэкономикалық машқалалар: инфляция ҳәм жумыссызлық» темасында Zoom программасында онлайн сабақ шөлкемлестирилди.

Сабақ барысында лектор тәрепинен студентлерге инфляция ҳәм жумыссызлықтың мазмуны, түрлери ҳәм пайда болыў себеплери, оларды есаплаў көрсеткишлери бойынша мағлыўматлар берилди.

Ҳәзирги пандемия шараятында инфляция ҳәм жумыссызлық тийкарғы макроэкономикалық машқалалардан екенлиги, бул дәўирде инфляция ҳәм жумыссызлықтың өсиў дәрежесиниң жоқарылаўына алып келиўши факторлар ҳақкында студентлерге мысаллар көринисинде түсиник берди.

Буннан соң сабақ сораў жуўап көриниснде даўам етип студентлер өзлериниң қызыққан сораўларына жуўаплар алды. Сабақ процесси мазмунлы өткенлиги ушын экономика илимлери бойынша философия докторы (PhD) Исмайлова Айгулге студентлер өзлериниң миннетдаршылығын билдирди.

 

Пайдалы дереклер