«Қылышпазлық»тан жеңимпаз студентлер 

“Қылышпазлық” спорт түри бизиң елимизге кешеӯиллеп кирип келген спорт түрлериниң биринен саналады. Усыған қарамастан университет жасларының бул спорттағы жетискенликлери үлкен табысларға баслап атыр.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Дене мәденияты факультетиниң 1-курс студенти  Генжебаев Фазылбек ҳәм Мамутов Шерзодлар 13-18 сентябрь, сондай-ақ, 2-7-ноябрь күнлери аралығында спорттың «Қылышпазлық» түри бойынша Ташкент қаласында болып өткен Өзбекстан кубогинде 1-орынды ийеледи.

Демек, бундай табыслардың негизинде үлкен имканият ҳәм қоллап-қуӯатлаӯлар менен спортшы жаслардың шебер таярлығы бар екенлигин айтып өтиӯ орынлы.

Пайдалы дереклер